USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ТҮРКМЕНСТАН МИНИСТРЛЕР КАБИНЕТИ БАСЛЫҒЫНЫҢ ОРЫНБАСАРЫН ҚАБЫЛЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-март күни Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Түркменстан ҳүкиметлераралық бирликтеги комиссиясының гезектеги мәжилиси шеңберинде елимизге келген Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Байрам Аннамередовты қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған қатнасықлар избе-из раўажланып, беккемленип атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң өткен жылы март айындағы Түркменстанға мәмлекетлик сапары, сондай-ақ, еки ел басшыларының турақлы сөйлесиўлери Өзбекстан-Түркменстан бирге ислесиўин стратегиялық шериклик дәрежесине көтерип, оны сапа жағынан жаңа әмелий мазмун менен байытқаны атап өтилди.

Саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика тараўларындағы кең көлемли бирге ислесиў перспективаларын, экономиканың түрли тармақларында кооперация байланысларын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

2017-жылы Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы товар алмасыў көлеми 177 миллион долларды қурады. Жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди өз-ара жеткерип бериў көрсеткишлери де артып бармақта.

Түркменабад – Фароб жаңа автомобиль ҳәм темир жол көпирлериниң иске түсирилиўи ҳәм де жүклердиң темир жол транзитинде өз-ара шегирмелер  усынылыўы жүк тасыў көлемин ҳәм еки ел транзит потенциалын арттырыўға хызмет етип келмекте.

Шегараалды регионлар арасындағы байланыслар, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жеделлеспекте.

Мәмлекетимиз басшысы ерисилген келисимлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў, гезектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўға пуқта таярлық көриўдиң нәтийжели механизми сыпатында Ҳүкиметлераралық бирликтеги комиссияның жумысына жоқары баҳа берди.

Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирип, Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедовтың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Б.Аннамередов Түркменстан тәрепи кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға, еки туўысқан мәмлекет арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге таяр екенин билдирди.

ӨзА