Нөкис қаласында Қазақстанның Ақтөбе ўәлаяты күнлери өтеди. Аўыл шарўашылығы ярмаркасы ҳәм мәдений-ағартыўшылық илажлары гүз айларына режелестирилген, деп хабар береди kazinform.kz.

Көркем өнер ғайраткерлери миллий қосық ҳәм аяқ ойынға қурылған концертлер қояды. Ал исбилерменлер товар айналысын арттырыў ушын шериклер излейди, делинеди хабарда.

Еслетип өтемиз, Қазақстанның Ақтөбе ўәлаяты менен Қарақалпақстан Республикасы арасында меморандум дүзилмекте.

Усы жылдың 15-мартынан Қазақстанда «Өзбекстан жылы» басланады.

 

ҚХА