Қазақстанда “Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы” автомобиль жолының реконструкция жумыслары басланды. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Узынлығы 85 километр, улыўмалық баҳасы 20 миллиард теңгени қурайтуғын бул жол участкасы “Ташкент – Самарқанд – Бухара – Нөкис – Атыраў – Астрахань” халық аралық транзит-транспорт жолы қурамына киреди. Бул жол елимизге Кәспий жағасы аймағы ҳәм Европа Аўқамы еллерине шығыў мүмкиншилигин береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги