Пайтахтымызда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Беруний, Қоңырат, Хожели, Шымбай, Елликқала районлық Кеңеслерине Президент саўғасы – «Матиз» хызмет автомашиналарының гилти салтанатлы түрде тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери дүзилген еди. Кеңес дүзилиўи менен пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасы жақсыланбақта.

Өткен жылы 5 пуқаралар жыйынларының имаратлары жаңадан қурылды, 32 сине реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды, 25 ине компьютер комплектлери, 63 ине мебель алып берилди.

– Өткен жылы районымызда 6 адамның операция исленип емлениўине, 10 адамның жайына ири оңлаў жумыслары ушын бир қатар жәрдемлер көрсеттик. Тийисли шөлкемлер менен бирге 150 адамға газ плита, суўытқыш сыяқлы үй-рузыгершилик буйымларын саўға еттик. Быйыл болса, бундай жумыслардың көлемин еле де кеңейтиў белгиленген, – дейди пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Хожели районлық Кеңеси баслығының орынбасары А.Турымбетов. – Бизге хызмет автомашиналарының ажыратылыўы аўырымызды әдеўир женил ететуғын болды. Буның ушын Журтбасшымызға шексиз миннетдармыз.

Жақын арада қалған районларға да усындай автомашиналар тапсырылыўы күтилмекте.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги