Усы жылдың 22-февраль ҳәм 5-март күнлери аралығында Бирлескен Араб Әмирлигиниң Дубай қаласында спорттың қылышласыў түри бойынша кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионатында қарақалпалпақстанлы спортшылар да мүнәсип қатнасып, гүмис ҳәм бронза медальлар жеңимпазы болды ҳәм соның менен бирге жеңимпазлар «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды.

Дүньяның 15  мәмлекетинен спортшылар қатнасқан бул жарыста жерлеслеримиз –  Нөкис қалалық мелиорация ҳәм суў хожалығы колледжиниң оқыўшысы Шерзод Мамутов ҳәм 2-санлы қәнигелестирилген мектептиң оқыўшысы Пазыл Генжебаевлар екинши орынды ийелеген болса, Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң оқыўшысы Зайнаб Дайыбековаға үшинши орын несийп етти.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан сайланды командасы ағзаларын күтип алыў мәресиминде халықаралық абыройлы турнирде ерискен жетискенликлери ушын спортшылар ҳәм олардың тренерлери Қылышласыў федерациясы тәрепинен сыйлықланды. Қарақалпақстаннан қатнасқан 3 спортшы ҳәм 1 тренерге жәми 4 «Спарк» автомашиналарының гилти  салтанатлы түрде тапсырылды.

Спорттың қылышпазлық түриниң республикамызға кирип келгенине онша көп ўақыт болмаса да бул спорт түри менен шуғылланыўшы жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылардың жетилисип шығып атырғанлығы қуўанарлы жағдай. Елимизде спортқа болған итибар нәтийжесинде спортшы жасларымыз жоқары жетискенликлерге ерисип атыр, – дейди спортшылардың тренери Дәўирбек Жиемуратов. Спортшыларымыз еле де халқымыздың исенимин  ақлаўына исеним билдирип қаламан.

Еслетип өтемиз, 2017-жылдың декабрь айында Президентимиз Қарақалпақстанға сапары даўамында жас спортшыларды ерисип атырған жоқары нәтийжелери менен қутлықлап, қылышпазлық бойынша халықаралық турнирлер жеңимпазы Зайнаб Дайыбековаға “Nexia” автомобилин саўға еткен еди. Солай етип, Зайнабта енди “Nexia” ҳәм «Спарк» автомобиллери бар.

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы