2018-жыл 2-март күни саат 3.30лар шамасында А-380 автожолының 900-901 км аралығында Елабад поселкасы тәрептен киятырған «Лада ларгус» маркалы автомашина жолда гази таўсылып тоқтап турған «Камаз» маркалы жүк транспортының артқы тиркемесине келип урылып, ақыбетинде аўыр жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген.

«Лада ларгус» автомашинасындағы 3 пуқара ҳәдийсе жүз берген орында қайтыс болған.

Агентликке мәлим болыўынша, қайтыс болған пуқаралар Нөкис районы турғынлары болған.

Қарақалпақстан Республикасы жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мағлыўматына көре, усы жылдың басынан берли Қарақалпақстан бойынша 46 аўыр жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, 22 адам усындай бахытсыз ҳәдийселер қурбаны болған, 45 адам ҳәр түрли дене жарақатларын алған.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 1-мартынан 1-апрелине шекем Республикамызда «Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы» өткериледи.

Қарақалпақстан Республикасы жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы республикамыздың бәрше халқын «Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы»на белсене қатнасыўға мирәт етеди

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги