Усы жылдың 2-март сәнесинде Шоманай районында районлық ҳаял-қызлар комитети, спорт комитети, ишки ислер бөлими ҳәм медициналық бирлеспе менен биргеликте “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы” мүнәсибети менен район ҳаял-қызлары арасында велоспорт жарысы өткерилди. Бул ҳақкында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Жарысқа 18 жастан 45 жасқа шекемги ҳаял-қызлар қатнасты. Беллесиўлер соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилердиң диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги