Ҳүрметли ўатанласлар!

         Қәдирдан ата ҳәм аналар!

         Қәдирли жаслар!

Елимизде инсан мәплерин ҳәм турмыс абаданлығын тәмийинлеў, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў, жас шаңарақларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў,  саламат турмыс тәризин енгизиў жолында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда халқымыздың жақсы қәдириятларын өзинде жәмлеген, адамларымызды бирлестириў, олардың арасында өз-ара татыўлық ҳәм мийрим-шәпәәт туйғыларын беккемлеўге хызмет ететуғын тойлар ҳәм мерекелер  айрықша орын тутады. Сол мәнисте, бундай илажлар ел-журтымыздың мәдениятын, руўхый дәрежесин анық көрсететуғын факторлардан бири десек алжаспаған боламыз.

Тилекке қарсы, соңғы ўақытларда тойлар, шаңарақлық байрамлар, марҳумларды   еслеўге бағышланған илажларды өткериўде  даңқпаразлық, өзин көз-көз етиў, әтирапындағы жасап атырған адамлардың ҳал-жағдайын инабатқа алмаў, халқымыздың үрп-әдетлерин ҳәм дәстүрлерин менсинбеўшилик сыяқлы жаман иллетлер көзге тасланбақта.

Усы әҳмийетли мәселе бир неше он жыллардан берли халқымыздың айрықша машқалаларынан бири болып келмекте. XX әсирдиң  басында жадид бабаларымыз той-мерекелеримиздеги ысрапгершиликтиң ҳәм дәбдебепазлықтың миллетимизди руўхый жақтан дағдарысқа ҳәм жарлылыққа жетеклейтуғын иллет екени туўралы күйинип жазғанларын еслейик. Уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудий миллетимиздиң раўажланыўына иркиниш жасайтуғын  еки нәрсе бар ол-той ҳәм аза болып есапланады, деп әйне  ҳақыйқатты жазған еди.

Тилекке қарсы, жыллар өтсе-де, заман өзгерип баратырған болса-да, миллий раўажланыўымызға үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш болып киятырған бул иллетти  тоқтатыў, той-мерекелерди ықшам, заманагөй көринисте өткериўдиң орнына, тойдан алдын ҳәм кейин болатуғын керекли-керексиз илажларды ойлап табыў, дәбдебепазлық етип, ҳәдден тыс ысрапгершиликке жол қойыў жағдайлары кем-кемнен күшейип бармақта.

Ақша таўып, ақыл таппаған, руўхыйлық дәрежеси төмен айырым адамлар, әсиресе, басқаларды менсинбейтуғын ҳәмелдарлар бул бағдарда әдеп-икрамлылық өлшемлерин умытып, өзлериниң жәмийеттеги орнын, байлығын көрсетип қойыў сыяқлы мақсетлерди гөзлемекте.

Ең жаманы, бундай жағдайлар жасларымыздың тәрбиясына унамсыз тәсир етпекте. Оларда ҳадал  мийнетти писент етпеўшилик ҳәм жеңил-желпи турмыста жасаў, менменликке умтылыўдың күшейиўине себеп болмақта.

Тойларға  байланыслы артық жумсалған мыңлаған шаңарақлардың материаллық жағдайы төменлеўине, олардың қарыз ҳәм ғам-тәшўиш батпағына батыўына, ең қәўиплиси, жәмийетимизде қәлиплескен руўхыйлық орталығын  бузыўға алып келмекте.

Бундай жаман жағдайлар жәмийетшиликтиң ҳақылы түрдеги наразылығын оятпақта, ғалаба хабар қуралларында, мәҳәлледе, халықтың арасында кеңнен додаланбақта. Бирақ, көрилип атырған илажларға қарамастан, тилекке қарсы бул жөнинде өзгерислер көзге тасланбай атыр.

Қәдирдан ата ҳәм аналар!

Қәдирли ўатанласлар!

Той ҳәм мәресимлер жеке ис емес, елдиң ҳәм миллеттиң тағдирине тийисли жәмийетлик әҳмийетке ийе мәселе болып есапланады. Халқымыздың миллий тәбиятына улыўма жараспайтуғын, шаңарақлардың материаллық жағдайын қыйынластыратуғын, олардың турмысын жолдан шығаратуғын бундай мәниссиз жағдайларды тоқтатыўды бүгин турмыстың өзи талап етпекте.

Усы мүнәсибет пенен биз елимиз халқына, кең жәмийетшиликке, ҳүрметли зыялыларымызға, әзиз перзентлеримизге, жуўапкер басшыларымызға мүрәжат етемизҮ ҳәр биримиз өз аймағымызда той ҳәм мерекелер, шаңарақлық мәресим ҳәм басқа да илажлардың өткерилиўи бойынша жәмийетшилик қадағалаўды орнатыўда белсене қатнасайық. Бул бағдарда түсиник жумысларының нәтийжелилигин ҳәм тәсиршеңлигин буннан былай да күшейтейик.

Қуранда: «Жең, ишиң, бирақ ысрапгершиликке жол қоймаң. Аллатаала ысрап ететуғынларды сүймегей»,  деп буйырылған. Бир күнлик тойды деп пүтеил өмир бойы жыйнап-терген қаржысын шашыў, бендесине аталған жемисти ысрап етиў үлкен гүна екенин естен шығармайық. Жасалма абырай арттырыўға қаратылған бундай ислердиң орнына жетим-жесирлерге, жәрдемге мүтәж инсанларға, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем берейик. Қайырлы ҳәм саўаплы иске қол урған, жетим-жесирдиң басын сыйпаған адам бир өмир саўап алатуғынын, халықтың ишинде ҳүрмет-иззетте болатуғынын мәҳәллелеслеримизге, ҳаялларымызға ҳәм балаларымызға түсиндирейик.

Ҳәр бир мәҳәлледе көпти көрген, кейўани ата ҳәм  аналар басшылық етип, тойларды ықшам, азшығын жумсап, заманагөй етип өткериў бойынша өлшемлер менен нормаларды ислеп шығайық ҳәм оларға қатаң әмел етейик.

Және бир мәселе – шаңарақ мәресимлеринде көркем өнер ўәкиллери нызам ҳүжжетлерине муўапық шәртнама тийкарында хызмет көрсетсе ҳәм усы тәртипке қатаң бойсынса, олардың жуўапкершилиги және де артады, миллий үрп-әдетлеримизге ҳәм руўхыйлығымызға улыўма дурыс келмейтуғын нама-қосықлардың, ойынның ҳәм басқа да көринислердиң алды алынады. Ҳәзирги ўақытта көшелерде, майданларда ҳәм басқа да жәмийетлик орынларда ҳәр қыйлы заманагөй техникалық үскенелер, атап айтқанда, даўысты күшейтиўши қураллардан пайдаланыў әтираптағы инсанлардың тынышлығын бузып атырғанына да бийпәрўа болмайық.

Бундай илажларды өткериўде ҳәддинен асқан кимселерди-олардың абырайына  ҳәм  лаўазымына қарамастан –мәкан пуқаралар жыйынына  мирәт етип, абырай-мәртебели адамлар, имам-хатиблер, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында додаланып, мәсләҳәт берип,  дурыс жолға салайық.

Ҳәр бир исте, атап айтқанда, үрп-әдетлерге әмел етиўде де өлшем ҳәм тәртип шешиўши фактор екенин умытпайық. Турмысымызда татыўлық ҳүким сүрер екен, шаңарақларымызда, елимизде тынышлық, қәтержамлық ҳәм абаданлық турақлы болады.

Қәдирли апа-сиңлилер!

Бүгинги күнде елимизде жеке исбилерменлик, фермерлик  ҳәрекети, жоқары технологияларға тийкарланған заманагөй тармақлар, илим, медицина, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер сыяқлы зәрүр тараўлар менен тармақлардың раўажланыўын сизлердиң қатнасыңызсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Сизлер шаңарақларымызда, мәҳәллемизде, пүткил елимизде өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық, мийрим-шәпәәт орталығын жаратыўда бәрҳама белсенди болып келгенсиз.

Солай екен, жәмийетшилик турмысымызда абырай ҳәм мәртебеңизден пайдаланып, той ҳәм түрли мәресим өткерип атырған шаңарақларға кирип, сарпай, буйым жыйнаўға қызығыў, артықша арзыў-нийетке берилиў тек ғана шаңарақ бюджетине емес, ал жас шаңарақлардағы руўхый дүньяның тийкарына да аўыр зыян тийгизетуғынын өмирдеги анық мысаллар арқалы түсиндирип бериўиңиз лазым.

Бул мәселеде көп нәрсе сиз-ҳаялларға байланыслы екенлигин умытпаң.

Әзиз ул-қызлар!

Сизлердиң айдын келешегиңиз ушын мәмлекетимиз, ата-аналарыңыз барлық шараятларды жаратпақта. Оқып-үйренемен, заманагөй кәсиплерди ийелеймен, деген мақсет пенен жасап атырған замаласларыңыз үлкен шеклерди ийелемекте. Ең соңғы техника ҳәм технологияларды басқармақта, раўажланған еллердиң алдынғы жаслары менен барлық тараўларда теңдей беллеспекте.

Тез пәт пенен  өзгерип атырған бүгинги глобалласыў заманында сизлердиң тийкарғы ўазыйпаңыз – заманагөй илим жетискенликлерин, мәлимлеме-коммуникация технологияларының сырларын, шет тиллерди пуқта меңгериў, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға үлес қосыўдан ибарат. Бүгинги дүньядағы раўажланыўдан жақсы хабардар болған XXI әсир жаслары сыпатында сизлер миллетимиздиң абырайына дақ түсиретуғын бундай унамсыз иллетлерге қарсы гүресте белсендилик  көрсетесиз, деп исенемиз.

Әлбетте, ҳәр бир ата-ананың ең үлкен арзыў-нийети әзиз перзентлериниң бахтын ығбалын көриў. Бирақ оған тек  дәбдебели той бериў, материаллық байлық жыйнаў арқалы ерисип болмайтуғынын сизлер жақсы билесиз. Буған турмыстан көплеген мысаллар келтириў мүмкин.

Бәринен бурын, өзиңиздиң қалаберди миллетимиздиң абырайын, ата-аналарымыздың саламатлығын, болажақ шаңарағыңыздың бахтын ойлап, тойларымызды кишигирим, ықшам етип өткериўде инталылық көрсетиң.

Азиз ўатанласлар!

Той-мерекелер миллетимиздиң ески қәдирятларын ҳәм әдетлерин билдиретуғын айна екен, оларды жоқары руўхыйлық нормаларына нормаларға мүнәсип түрде өткерейик. Бул қайырлы иске ҳәмме бирдей бас қосыўы лазым, хеш ким өзин шетке алыўы, маған буның қатнасы жоқ, деп бийпарўа болыўы мүмкин емес. Себеби, не-не машақатларды, аўыр күнлерди бир жан бир тән болып мәртлерше жеңип өткен данышпан халқымыз, әдеп-икрамлылық нормаларына да, муқаддес динимиз талапларына да дурыс келмейтуғын бундай иллетлерге шек қоя алады, деп исенемиз.

Биз елимиз жәмийетшилигин  бул жолда пикирлес ҳәм тәрепдар болыўға, усы баслы мәселени талықылаўда пикирлериңиз ҳәм усынысларыңыз бенен белсене қатнасыўға шақырамыз.