Үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен әтирапта әжайып өзгерислер жүз береди. Бәҳәрдиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ байрамлар басланады. Бул байрамлар инсанды айрықша қуўанышқа бөлейди.

Бизиң мектебимизде де бәҳәр Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исроилованың өмир жолына ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Қызың гөззал болсын, шайыр болсын…» атамасында байрам кешеси менен басланды.

Байрам кешесинде мектеп директоры С.Утамбетова, директордың руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары С.Зарымбетова ҳәм басқалар Зульфия Исроилованың тек ғана өзбек әдебиятында емес, ал шығыс әдебияты ҳәм философиясында да тутқан орны айрықша екенлигин, оның қосықлары жоқары инсаныйлық сезимлер менен суўғарылғанын ҳәм бул тәреплер садықлық және опадарлық тымсалы сыпатында бәрше ҳаял-қызлар ушын үлги болатуғынын атап өтти.

Илаж шеңберинде мектебимиздиң белсенди бес қызы бес басқыш бойынша жарысты. Олар сәлемнама, Зульфияханым қосықлары, өз өнерин көрсетиў, сахналық көринис ҳәм сораў-жуўап басқышларында беллести.

Беллесиў даўамында мектебимиздиң 10-класс оқыўшысы Ҳуснида Икрамова биринши орынға миясар болды.

Жарыста қатнасыўшы қызларға мектебимиз жәмәәти тәрепинен саўғалар берилди.

 

Гулбаҳар ПАЛЎАНИЯЗОВА,

Нөкис қаласы 3-санлы мектептиң

қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы.