Пайтахтымызда 8-март – Ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Илажға барлық тараўларда узақ жыллардан берли жемисли мийнет етип киятырған ҳаял-қызлар, нураний аналар, диний ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтшилер, орынлардағы ҳаял-қызлар шөлкемлериниң, түрли министрликлер менен ведомостволардың ўәкиллери, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары мирәт етилди.

Шығып сөйлеўшилер тәрепинен елимизде ҳаял-қызларымыздың нызамлы мәплерин тәмийинлеў, шаңарақты, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, олар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны, ҳәр қыйлы тараўларда ҳаял-қызларымыздың ерискен жетискенликлер тилге алынды.

Байрамда республикамыздың раўажланыўына өзиниң үлесин қосып киятырған 200 ҳаял-қызға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артистлердиң, көркем өнер шеберлериниң ҳәм жас атқарыўшылардың байрам концерти менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги