Япония ҳүкимети Өзбекстан Республикасындағы улыўма билим бериў мектеплерин киши көлемдеги жойбарлар тийкарында бийминнет әсбап-үскенелер ҳәм инвентарьлар менен тәмийинлеў жойбары тийкарында Қарақалпақстанда еки мектепти, яғный Шымбай районындағы 38-санлы, Нөкис қаласындағы 2-санлы мектеплердиң химия, биология және физика лабораторияларын, компьютер классларды, инглис тили ханаларын ең заманагөй әсбап-үскенелер, инвентарьлар менен бийминнет түрде тәмийинлейтуғын болды.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў миинистрлиги хабар бермекте.

Шымбай районы «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 38-санлы мектеп еки оқыў имараты ҳәм устаханадан ибарат болып, 939 оқыўшы орнына мөлшерленген.

Мектептиң биринши имараты 1973-жылы, екинши имараты 1991-жылы пайдаланыўға тапсырылған. Мектеп 12×24 метр өлшемдеги спорт залына, мәжилислер залына, асхана ҳәм устаханаға ийе. 2007-жылы реконструкцияланған болып, ҳәзирги ўақытта 155 оқытыўшы рус ҳәм қарақалпақ тиллеринде билим берип келмекте.

Нөкис қаласындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби 1970-жылы пайдаланыўға тапсырылған. 4 этажлы мектеп 960 оқыўшыға мөлшерленген. 2007-жылы реконструкциядан шыққан мектепте 89 оқытыўшы қарақалпақ, рус ҳәм қазақ тиллеринде сабақ береди.

Япония ҳүкиметиниң көтерген интасы тийкарында Япония мәмлекетиниң Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының екинши секретары Макото Хоригучи ҳәм усы мәмлекеттиң елимизде киши көлемдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша координаторы Курия Цутаки усы еки мектепте болды ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлениў жағдайын үйренди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.