Кешеги ҳәптеде болып өткен жаздыӊ жәзийрама ыссысында нөкисли инталылар топары қаламыз бойлап “Ыссы күнде бийпул минерал суў” атамасында акция шөлкемлестирди.

Усы инталылар топарыныӊ белсендиси Бахтияр Кадирбергеновтыӊ айтыўынша, акцияны шөлкемлестириўден мақсет ҳаўа райыныӊ қолайсыз келиўине қарамай, қаламызды көркейтиўге аянбай мийнет етип атырған қурылысшылардыӊ, басқа да мүтәж инсанлардыӊ кеўил кейпиятын азғана болса да көтериў.

Қайырқомлық еткен қандай жақсы, дейди ол. Биз ыссы ҳаўа райында қаламыздағы қурылыста жумыс ислеп атырған усталарға, емлеўханалардыӊ қасында жақынларыныӊ саўалыўына мәдет күтип отырғанларға ҳәм басқа да жолаўшыларға бийпул суў үлестирдик. Күтилмеген саўғадан олар да шын жүректен миннетдаршылығын билдирди, өз гезегинде саўап исимизден өзимиз де бахтияр болдық.

Акция шеӊберинде инталылар өзлериниӊ мүмкиншилигинен келип шығып, ҳәр күни суў  сатып алып, адамларға үлестирип жүрди.

«Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеў керек», деп қосымша етеди топар белсендилеринен бири, «Нукусская неделя» газетасы редакторы Азамат Даўлетмуратов. Буныӊ ушын арнаўлы тапсырма күтип отырыўдыӊ кереги жоқ. Инсанға шын жүректен қолыӊнан келгенше қалыс жәрдем етсеӊ, саўап ис ислесеӊ соныӊ өзи жеткиликли.

Инталылар топарыныӊ билдириўинше, бундай акциялар турақлы даўам етип барады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги