Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы ҳәм ҳуқық қорғаў мәкемелери хызметкерлери тәрепинен орынларда өткерилген оператив излеў илажлары даўамында бир неше пуқаралардың нызамсыз түрде қурал сақлап атырғанлығы анықланды. Бул бойынша Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте. 

 

Нөкис районында өткерилген илаж даўамында пуқара Қ.Джуманиязовтың үйи өз разылығы менен гүўалар қатнасында көзден өткерилгенде, үйиниң арқа тәрепинде жайласқан малханасынында қамыслар арасына жасырып қойылған, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз 2 дана аў мылтығы, 23 гильза, 34 капсюлларды нызамсыз түрде сақлап атырғанлығы анықланған.

 

Сондай-ақ, Коңырат районында алып барылған илажларда А.Айтмуратовтың үйинен пуқара разылығы менен қалыс гүўалар қатнасында калибри 16 мм. 1 дана бир стволли аў мылтығы ҳәм 3 дана гильзалар табылған.

 

Кегейли районында жасаўшы пуқара А.Турсыновтың үйи де әмелдеги тәртип бойынша көзден өткерилгенде, бул жерде 1 дана еки стволлы аў мылтығы ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз сақланып атырғанлығы анықланды.

 

Қарақалпақстан темир жол станциясында 324-санлы Волгоград-Ташкент жолаўшы тасыўшы поезды бажыхана тексериўинен өткерилгенде республикамыз пуқарасы Б.Палванов жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген 9 кг. аў мылтығының дробларын нызамсыз түрде Россия Федерациясынан Өзбекстан Республикасына алып киятырғанда иркилди.

 

Жоқарыда анықланған жағдайлар бойынша ҳуқықбузарларға суд тәрепинен тийисли жаза илажлары қолланылды.

 

 

Дилафруз АЙТБАЕВА

ҚМУ, журналистика тәлим

бағдары 4 курс студенти