Шымбай районы ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Қошқарбаев Парахат Даўлетбаевич тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.
Мағлыўматта жазылыўынша, Парахат Қошқарбаев алдын Өзбекстан Миллий банки Қарақалпақстан бөлиминиң Шымбай филиалы басқарыўшысы болып ислеп келген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги