Нөкис қаласы ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Қудияров Полатбек Азатович тайынланды. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Бул тайынлаў Қарақалпақстан Республикасы Конститутциясы 81-статьясының 6-бәнти ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының 2018-жыл 28-февраль күнги  379-Б санлы бийлиги тийкарында әмелге асырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги