Усы жылы 16-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының басламасы менен «Елимиздиң раўажланыўы жолында бирлесейик!» сүрени астында форум болып өткен еди.

Өткен шемби күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрда усы форумның жуўмағына бағышланған әмелий-семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жәлменов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы А.Қалбаев, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының бөлим баслығы Х.Премқулов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар өткерилип атырған әмелий семинардың мақсетине, Өзбекистан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтың басламасы менен ислеп шығылған «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарлары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы»ның әҳмийети, оның мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бес жыл мүддетке қабыл етилген бул әҳмийетли ҳүжжет мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысын жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын реформалаў, экономиканы буннан былай да раўажландырыў және либералластырыўда айрықша әҳмийетке ийе, Соның менен бирге  Ҳәрекетлер стратегиясында социаллық тараўды раўажландырыўға, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейилликти тәмийинлеў, өз-ара мәпдар, әмелий руўхтағы сыртқы сиясатты жүргизиўге айрықша итибар қаратылған. Сонлықтан елимиздиң буннан былай да гүллеп-раўажланыўына хызмет ететуғын бул әҳмийетли ҳүжжеттиң орынланыўына үлес қосыў, ҳәр биримиздиң, соның ишинде кәсиплик аўқамлары ағзаларының әдиўли ўазыйпасы болып табылады.

Ҳүрметли Президентимиздиң республикамыздың халқына айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Жақында ғана улыўма узынлығы 101 километр болған Қоңырат-Мойнақ суў тармағы қурылысының, Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Karakalpak sement» ЖШЖ түриндеги шет ел кәрханасының иске түсирилиўи буның айқын дәлили болып табылады.

Ташкент қаласында болып өткен форум  қатнасыўшыларынан Шымбай районлық медицина бирлеспеси кәсиплик аўқам комитетиниң баслығы П.Бабаназаров, «Тақыятас нефьт базасы» унитар кәрханасы кәсиплик аўқам комитетиниң баслығы М.Палўаниязов, Елликқала районлық медицина бирлеспеси кәсиплик аўқам комитетиниң баслығы Р.Хаджиевлар алған тәсирлери менен ортақласты.

Илаж соңында Өзбекистан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Л.Байбосынова Форум қатнасыўшыларының Өзбекистан кәсиплик аўқамлары ағзаларына мүрәжатын оқып еситтирди.

Әмелий семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы