Алдын хабар бергенимиздей, Төрткүл районындағы «SAFETY FILTR» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жаңа инновациялық жойбар – тәбийғый газды фильтрлейтуғын үскене ислеп шығарыў жолға қойылған еди.

Хош, бул үскене қаншелли пайдалы? Тутыныўшылар үскене ҳаққында қандай пикирде?

 

Төрткүл районы орайындағы Ташкент көшесиниң турғыны Ҳусан Давлетов:

– 2016-жылдың август айында үйимиздеги газ есаплағыш ислемей қалып, районлық газ тәмийинлеў бөлими қәнигелерине мүрәжат еттим. Олар маған тәбийғый газды фильтрлейтуғын үскене орнатыўды усыныс етти. Мен үскенеге буйыртпа бердим. Қәнигелер сол күнниң өзинде үскенени орнатып берди. Соннан берли газ басымы алдынғыдан да жақсыланды. Бул жаңадан ойлап табылған тәбийғый газды фильтрлейтуғын үскенениң пайдасы деп ойлайман. Буны жақынларыма, тамыр-танысларыма да усыныс етип атырман.

 

Төрткүл районы орайындағы Диёнат көшесиниң турғыны Фарида Юлдашева:

– Өткен жылы декабрь айында усы фильтрлейтуғын үскенени орнатқанымыздан кейин үйимизде газ басымы жақсыланып, газ есаплағыш та бир тегис ислейтуғын болды. Бул үскенениң биринши гезекте биз – үй бийкелери ушын пайдасы көп екен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги