Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп әсирлик дослық, дәстүрий жақын қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплерине тийкарланған қатнасықлар халықларымыздың мәпи жолында избе-из беккемленип бармақта. Еки мәмлекет Президентлериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм сабыр-тақатлылығы нәтийжесинде тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў сапасы жағынан жаңа басқышқа көтерилмекте.

Соңғы 1-2 жыл даўамында Өзбекстан – Тәжикстан қатнасықларында үлкен өзгерислер жүз берди. Еки тәреплеме байланыслар сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, социаллық-мәдений тараўларда избе-из раўажланып бармақта. Ташкент ҳәм Душанбе арасында авиақатнаў тикленди, саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилислери өткерилди, мәмлекетлераралық шегараларды делимитациялаў бойынша ушырасыўлар болып өтти.

Саўда-экономикалық қатнасықларды жақсылаў мақсетинде 2017-жыл апрель айында Душанбеде биринши мәрте Өзбекстан миллий өнимлериниң көргизбеси өткерилди. Онда 160 тан аслам компания ҳәм 400 ден зыят исбелермен 1,5 мыңнан көбирек түрдеги өнимди, соның ишинде, электротехника, фармацевтика, парфюмерия, тери-аяқ кийим, тоқымашылық санааты ҳәм басқа да тармақлардағы алдыңғы жаңалықларды, аўыл хожалығы техникасы, жеңил ҳәм жүк автомобильлери, автобуслар, қурылыс материаллары, лифтлер, турмыслық техника, мебель ҳәм басқа да өнимлерди көрсетти.

«4 күн даўам еткен көргизбе ҳәм еки елдиң исбилерменлери қатнасыўындағы бизнес форумның жуўмағында 20 ға шамалас ҳүжжетке қол қойылды. Көргизбе душанбелилерде көтериңки сезимлер оятты, ол көпшилик ушын «ҳақыйқый сюрприз» болды, деп жазды Тәжикстан баспасөзи. Адамлар өзбек өнимлериниң сапасына таң қалды, қоңсыларының ғәрезсизлик жылларында қолға киргизген табысларынан қуўанды».

Жуўап тәризиндеги көргизбе Ташкентте 2017-жыл октябрь айында болып өтти. Оған Тәжикстанның нефть-газ, қурылыс, транспорт, пайдалы қазылмалар, агросанаат, фармакология, жеңил санаат, қайта ислеў тараўлары, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, илим-техника, туризм сыяқлы тармақларында жумыс алып барып атырған 150 ден аслам компаниясының ўәкиллери, исбилерменлер қатнасты.

Бул көргизбелер менен бизнес-форумлардың өткерилиўи тәжикстанлы шериклер менен жергиликли өнимлерди шет ел базарларына биргеликте жеткериў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға кең жол ашты. Бүгинги күнге шекем Ташкент ҳәм Душанбе қалаларында шөлкемлестирилген көргизбелер шеңберинде улыўма баҳасы 100 миллион доллардан аслам болған саўда шәртнамаларына қол қойылды.

Бул еллеримиз арасында өз-ара товар алмасыў көлемин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Еки мәмлекет басшылары тәрепинен еллеримиз арасында саўда-экономикалық байланысларды жаңа басқышқа көтериў бойынша көрилип атырған белгили илажлардың нәтийжесинде бул көрсеткиш избе-из өспекте. Мағлыўматларға бола, 2017-жылы еллеримиз арасындағы товар алмасыў 236,8 миллион долларды қураған, бул 2016-жылғы көрсеткиштен 20,2 процент көп.

Өзбекстаннан Тәжикстанға тийкарынан транспорт хызметлери, минерал төгинлер ҳәм азық-аўқат өнимлери жеткерип берилмекте. Елимизде тәжикстанлы исбилерменлер менен биргеликте дүзилген 24 кәрхана, Тәжикстанда болса еллеримиз исбилерменлери менен бирге дүзилген 9 кәрхана жумыс алып бармақта.

Өткен жылы Тәжикстанда Өзбекстанның алты саўда үйи ашылды. Усы күнлерде болса Ташкент қаласында Тәжикстан саўда үйи жумыс баслады. Онда тийкарынан «Гаюр» компаниялар топарының қурылыс өнимлери усынылған. Келешекте саўда үйин Тәжикстанда ислеп шығарылған басқа да товарлар менен кеңейтиў режелестирилмекте.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға болажақ мәмлекетлик сапары шеңберинде Душанбеде «Өзбекстанда ислеп шығарылған» бренди астында миллий өнимлер көргизбеси ҳәм еки елдиң исбилермен топарлары ўәкиллериниң бизнес-форумы өткериледи. Бул илажлар саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм бирликтеги жойбарларды әмелге асырыўға еки тәреп те бирдей итибар қаратып атырғанын көрсетеди.

Көргизбеде Өзбекстан экономикасының жетекши тармақларының потенциалы, тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа бай орынлары менен таныстырыў, инвесторлар ушын жаратылған кең көлемдеги имканиятлар, инновациялық жойбарлар көрсетиледи. Көргизбеге ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көрилмекте.

Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан исбилермен топарларының турақлы сөйлесиўи еки дос ҳәм туўысқан елдиң өз-ара қатнасықларын буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның шолыўшысы