Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Америка Қурама Штатлары Президентинен усы жыл 26-27-март күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияға байланыслы хат келди.

АҚШ Президенти Өзбекстан Президентиниң Ташкентте болып өтетуғын Аўғанстан бойынша халықаралық конференция сыпатламасы баян етилген хатты алғанынан кеўли толғанын атап өтти.

Хатта АҚШтың Қубла Азиядағы стратегиясы регион еллерин Аўғанстандағы келиспеўшиликлерди тәртипке салыў ҳәм жағдайды турақластырыў ушын бирдей жуўапкершиликти сезиниўге шақыратуғыны атап өтилген.

Дональд Трамп Өзбекстан Президентиниң регионаллық көзқарасына байланыслы басламасын қоллап-қуўатлайтуғынын, бул болса өз гезегинде жағдайды тыныш келисимлер жолы менен шешиў ушын шараят жарататуғынын, экономика, соның ишинде, Аўғанстан менен саўда байланысларын раўажландыратуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, хатта былай делинген:

«Регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлериңиз үлкен жетискенликлер алып келди. Өткен жылы ноябрь айында Самарқандта болып өткен конференция пүткил Орайлық Азия бойлап перспективалы бирге ислесиў орталығын жаратты, декабрь айындағы Президент Ашраф Ғани менен ушырасыўыңыз болса беккем бирге ислесиўге ҳәм раўажланыўға тийкар жаратты.

Сизиң Аўғанстан бойынша халықаралық конференция өткериўге байланыслы басламаңызды толық қоллап-қуўатлайман, солай екен, бул формат аўғанстанлылар басшылық етип атырған Қабул процеси менен муўапықластырыўын тәмийинлеў ушын биз биргеликте ҳақ нийет пенен ислесиўимиз зәрүр. Ақ үй ҳәкимшилиги Ташкенттеги конференцияға қатнасатуғын АҚШ делегациясының қурамын көрип шықпақта.

Шын жүректен ҳәм жыллы сөзлериңиз, сондай-ақ, Аўғанстандағы бирликтеги ҳәрекетлерге қосып атырған үлкен үлесиңиз ушын миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз. Өзбекстан халқына сәлемимди ҳәм жақсы тилеклеримди жеткериўиңизди сорайман.

Жақын күнлерде Сиз бенен ушырасыўды интизарлық пенен күтип қаламан.

Ҳүрмет пенен,

Дональд ТРАМП,

Америка Қурама Штатларының Президенти»