Усы жыл 20-22-февраль күнлери Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районларында «Басқарыў уйымлары, Айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардың аймақлық структуралары ҳәм функционаллық төменги структураларының тәбийғый ҳәм техногенлик қәсийетке ийе айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша ҳәрекети» темасында сәркардалық штаб оқыў-шынығыўлары болып өтти.

Оған Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районлары ҳәкимиятларының, айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардың аймақлық төменги структураларының, экономикалық объектлердиң, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, қәнигелери, эвакуация комиссиялары, жыйма командалар, МПЖ, АПЖ баслықлары ҳәм пуқаралар қатнасты.

Дәслепки күни райондағы биринши медициналық жәрдем отряды менен районлық жыйма команданың саптан өтиў таңлаўы өткерилип, шәртли түрде жер қозғалыўы нәтийжесинде жәбирленген адамларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша илажлар өткерилди. Соң районлардағы лицейлерде пуқаралық қорғаныў илажлары өткерилип, «Қыпшақ» АПЖ, «Марказабат» МПЖ аймағында қутырыў кеселлигиниң алдын алыўдағы бирге ислесиў ҳәрекетлери әмелде көрсетилди. Бул илажларда мыңға шамалас адам қатнасты. Күнниң екинши ярымында «Қыпшақ пантон көпири»нде ҳәм Төрткүл районлық «Агробанк»те «Тәбийғый техногенлик қәсийетке ийе айрықша жағдайлар жүз бергенде объекттиң басшылар қурамының, пуқаралық қорғаныў структураларының ҳәм район ҳәкимшилиги хызметлериңиң биргеликтеги ҳәрекети» темасында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўлары өткерилди.

Илаждың екинши күни де оқыў-шынығыўларына бай болды. «Қаратаў» жарылыўшы затларды сақлаў қоймаханасында, «Тақыятаснефтьбазасы» ЖШЖның Қаратаў филиалында, «Төрткүлдәнөнимлери» ЖШЖда арнаўлы оқыў-тактикалық шынығыўлар өткерилди.

Үшинши күндеги илажлар «Орта қала» АПЖда, «Түйемойын» суў тазалаў имаратында, «Төрткүлнефтьбазасы»нда, улыўма билим бериў мектеплеринде даўам етти.

Өткерилген илажларға жәми 41 мыңнан аслам адам ҳәм 343 техника тартылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкери И.Қосбаев. – Илажлар даўамында кеўилсиз жағдайлар жүз бермеди.

Илажда оқыў-шынығыўына белсене қатнасқан бир қатар пуқаралар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.