Женевада БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 37-сессиясы жумыс баслады.

Быйыл Инсан ҳуқықлары бойынша улыўма дүнья жүзилик декларациясы қабыл етилгенине 70 жыл толады. Усы сәнени белгилеў шеңберинде шөлкемлестирилген сессияда Инсан ҳуқықларын қорғаўдың әҳмийетли мәселелери додаланбақта. Илажда 180 нен аслам елден 3 мыңнан зыят ўәкил қатнаспақта.

Мәжилистиң ашылыў мәресиминде БМШтың Бас хаткери Антониу Гутерриш, Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссар Зайд Раъд ал-Ҳусайн ҳәм БМШ Бас ассамблеясы 72-сессиясының баслығы Мирослав Лайчак пүткил дүньяда инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Илажға Өзбекстан әдиллик министри Р.Давлетов, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайдың директоры А.Саидов, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм елимиздиң Женевадағы турақлы ўәкилханасының хызметкерлери қатнаспақта.

Р.Давлетов илаж қатнасыўшыларын Өзбекстанда пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар менен таныстырды. Атап айтқанда, Президенттиң Халық қабыллаўханаларының жумысына тийисли өзине тән тәжирийбеге байланыслы мағлыўмат берди.

Жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң пүткиллей жаңа, бәринен бурын, алдын алыў ҳәм оны ерте анықлаўға бағдарланған системасын енгизиў мәселеси ҳаққында да сөз етилди. Суд-ҳуқық тараўы ҳәм жынаятты ашыў системасындағы реформалар, атап айтқанда, Судьялардың жоқарғы кеңеси шөлкемлестирилгени, яғный экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судлар дүзилгени ҳаққында мағлыўмат берилип, елимизде биринши мәрте енгизилген кеширим бериў, жынаятларды ашыўда зорлық қолланылыўына жол қоймаў бойынша талапларға әмел етилиўине байланыслы нәтийжелер таныстырылды.

Сессияда биринши мәрте Өзбекстанның 2021-2023-жылларда БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза болып сайланыў тилеги билдирилди.

Өзбекстан делегациясы усынған мағлыўматлар, соның ишинде, быйыл ноябрь айында Самарқандта болып өтетуғын Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумына таярлық процеси сессия қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы