Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-март–Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына бағышланып студент-жаслар ҳәм педагог хызметкерлер арасында волейбол бойынша жарыс болып өтти.

Институт ректораты, спорт клубы, кәсиплик аўқамы комитети, Өзбекстан жаслар аўқамының институттағы басланғыш шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген жарысқа 8 факультеттен командалар қатнасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында студент-жаслар арасында филология факультети командасы биринши, шет тили факультети екинши, химия-биология факультети үшинши, педагог хызметкерлер арасында математика-информатика факультети биринши, филология факультети екинши, физика-мийнет факультети үшинши орынды ийеледи.

–Дәстүрий жарыста екинши жылы қатарына жеңимпаз болып, кубокты өзимизде сақлап қалдық, – дейди филология факультети командасының сәрдары Айнура Жақсыбаева.

Жеңимпазлар, сондай-ақ, жарыстың ең жақсы ойыншылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.