Усы жылдың 23-27-февраль күнлери Бирлескен Араб Әмирлигиниң Дубай қаласында спорттың қылышласыў түри  бойынша жас өспиримлер ҳәм қыз балалар арасында  Азия чемпионаты өткерилди.

Чемпионатқа дүньяның 15 мәмлекетинен спортшылар қатнасты.

 Оған қарақалпақстанлы спортшылар сабля жөнелиси бойынша қатнасып, Шерзод Мамутов ҳәм Фазыл Генжебаевлар екинши, Зайнаб Дайыбекова болса үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Спортшыларды жарысқа Дәўирбек Жийемуратов ҳәм Расул Султановлар таярлады.

 

Гаўхар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти.