Бурын хабар етилгениндей, 26-28-февраль күнлери республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың жүзиў түри бойынша 2004-2005, 2006-2009 ҳәм 2010-2011-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы қысқы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа Беруний районынан  ҳәм Нөкис олимпиада резервлери спорт колледжинен жәми 70 тен аслам жас өспирим спортшылар қатнасты.

Жарыс Өзбекстан жүзиў федерациясы тәрепинен тастыйықланған қағыйдалар тийкарында өткерилди.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында 200 метрге комплексли усылда жүзиў бойынша 2004-2005 жыллары туўылған қызлар арасында Гүландам Абдиреймова, ер балалар арасында Руслан Батырбаев, 200 метрге шалқайып жүзиў усылында қызлар арасында Азада  Сатбаева, ер балалар арасында Муратбек Аманбаев, 200 метрге баттерфляй усылда қызлар арасында Гүландам Абдиреймова, ер балалар арасында Руслан Батырбаев,  200 метрге еркин усылында жүзиў бойынша қызлар арасында Гүландам Абдиреймова,  ер балалар арасында Руслан Батырбаев, 100 метрге еркин усылда жүзиў жарысында  ер балалар арасында Роман Ильясов, 2006-2009-жыллары туўылған ер балалар арасында 200 метрге комплексли усылда жүзиў жарысында Роман Пантюшенко, 100 метрге шалқайып жүзиў усылында  Манас Сулейменов, қызлар арасында 50 метрге еркин усылда жүзиў бойынша  қызлар арасыда Алина Алпысбаева, шалқайып жүзиў усылында Соғдиана Файзуллаева, 200 метрге баттерфляй усылда жүзиўде  ер балалар арасында Руслан Батырбаев, 100 метрге еркин усылда жүзиў бойынша  қызлар арасында Алина Алпысбаева, 50 метрге баттерфляй усылында жүзиўде Ахмет Камалов, 2010-2011-жыллары туўылған ер балалар арасында 50метрге еркин усылда жүзиўде Роман Ильясов жеңимпаз деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң дипломлары менен сыйлықланды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы