Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-февраль күни экспорты арттырыў ҳәм импортты қысқартыў бойынша қойылған ўазыйпалардың орынланыўын, бул бағдарда тармақлардағы ҳәм аймақлардағы жумыслардың жағдайын талқылаўға бағышланған видеоселектор болып өтти.

Оған Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, тийисли министрликлер менен  ведомстволардың басшылары қатнасты. Видеоконференция байланысы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басшылары, жергиликли ҳәкимликлер, министрликлер менен ведомстволардың аймақлық структуралары, экспортшы кәрханалардың ўәкиллери қатнасты.

Мәжилис сын көзқараста өтти. Мәмлекетимиз басшысы экспорт режесин орынлаўдағы кемшиликлерди терең талқылап, тийкарғы бағдарлар менен ўазыйпаларды белгилеп берди.

Бүгинги күнде елимиз экономикасын турақлыластырыў бойынша әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта. Бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў ушын зәрүр шараятлар менен имканиятлар жаратылмақта. Бирақ усы ўақытқа шекем бирде-бир шөлкем елимизге кирип киятырған өнимлердиң импортын талқыламағаны, бул тараўда қадағалаў өзи боладылыққа таслап қойылғаны сынға алынды.

Соның ишинде, 2017-жылы импортты қысқартыў режеси 88 процентке орынланғаны және бир мәрте атап өтилди. Мысалы, бир жылда 20 миллион долларлық кир жуўыў унтағы (порошоги),  13 миллион долларлық ийис сабын, 49 миллион долларлық қурылыста қолланылатуғын ҳәм синтетикалық бояўлар, 23 миллион долларлық шоколад импорт етилген.

Бул жағдай өткен жылларда қабыл етилген жергиликлилестириў бағдарламалары ҳеш қандай тийкарға ийе емес екенлигинен, олар тек ғана көз бояўшылық ҳәм жеңиллик ушын хызмет еткенинен дәрек емеспе, деди Шавкат Мирзиёев.

Негизинде инвестициялық жойбарлардың дизимине көп импорт етилетуғын товарларды елимизде ислеп шығарыў бойынша жойбарлар киргизилиўи керек. Бирақ жуўапкерлер бул әпиўайы ҳақыйқатқа немқурайдылық пенен қарамақта.

Мәжилисте атап өтилгениндей, енди тараўдағы жумысларды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаўдың пүткиллей жаңа системасы енгизиледи. Экспортты шөлкемлестириўге ҳәм мониторинг етиўге Бас министрдиң орынбасары Нодир Отажанов ҳәм Бас прокурордың биринши орынбасары Эркабой Таджиевтиң басшылығындағы топар жуўап береди. Орынларда экспорт пенен ўәлаят ҳәкиминиң  жеке өзи ҳәм ўәлаят прокурорларының биринши орынбасарлары шуғылланады.

Импортты қысқартыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиў бойынша республикалық Жумысшы топар да дүзилип, оған Бас прокуратура жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаментиниң баслығы басшы етип белгиленди. Әне, усындай жумысшы топарлар аймақларды да шөлкемлестириледи ҳәм оларға аймақлық департамент баслықлары басшылық етеди.

Департаменттиң ўазыйпалары бүгинги күнниң талаплары, импорт ҳәм экспорт мәселелерин тәртипке салыў көзқарасынан түп-тийкарынан өзгертиледи. Департамент елимизден валюта мақсетсиз шығып кетиўиниң алдын алыў, импортты қысқартыў, оның орнын басатуғын жергиликли өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўи зәрүрлиги атап өтилди.

Бул жумысшы топарлар орынларда пияда жүрип, экспортшыларды өзине шақыртып емес, оларға экспорт көлемин арттырыўы ушын реал жәрдем бериўи, өним экспорт етип атырғанларға «жасыл коридор» жаратып бериўи лазым, деди Шавкат Мирзиёев. Соның менен бирге, олар импортты турақлы талқылап, жергиликли өндиристи раўжландырыў бойынша анық жойбарларды әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме көмек бериўи зәрүр. Министрлер ҳәм тармақлардың басшылары да өзиниң жумысын тап сол тәртипте шөлкемлестиреди.

Экспорт ҳәм импорт бойынша исленип атырған жумыслар Бас министр ҳәм Бас прокурордың бсшылығында ҳәптеде еки мәрте додаланады. Мәселен, районлардағы жумысшы топарлар фермерлер ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде дәраматлы мийўе-овощ егиў, оларды туқым, қаржы, төгин, жанылғы менен тәмийинлеў жумысларын  шөлкемлестириўге көмеклеседи. Ҳәр бир районда мийўе-овощты экспорт ететуғын кәрхана шөлкемлестириў де бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалардан есапланады.

Мәжилисте усы жылдың өткен дәўиринде экспорт бойынша белгиленген режелер ҳәм берилген ўәделер орынланбағаны атап өтилди. Атап айтқанда, «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийети ҳәм «Өзбеказықаўқатхолдинг» компаниясының бул бағдардағы төмен көрсеткишилерине қатаң наразылық билдирилди.

Мәжилисте экспорт бойынша пайдаланылмай атырған имканиятлар көп екени, оларды иске қосыў ушын жуўапкерлерде инталылық ҳәм беккем исеним жетиспей атырғаны атап өтилди.

Әсиресе, қурылыс материаллары ҳәм фармацевтика тармақларында импорт көлеми экспорттан онлаған есе жоқарылығына итибар қаратылды. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, «Өзқурылысматериаллары» акционерлик жәмийети басшыларына тийисли көрсетпелер берилди.

Экспортты кеңейтиў имканиятлары орынларда да көп. Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл январь-февраль айларында Ташкент, Сурхандәрья, Қашқадәрья ҳәм Бухара ўәлаятларына сапарлары ўақтында усы аймақларда толық пайдаланылмай атырған экспорт резервлери анықланды. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында 95 миллион, Қашқадәрьяда 62 миллион, Бухарада 68 миллион долларлық қосымша қаржылар жүзеге шықты. Басқа ўәлаятларда да үлкен экспорт потенциалы бар.

Сонлықтан Министрлер Кабинети комплекслериниң басшылары, Сыртқы саўда министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине тармақларда және аймақларда экспорт көлемин кеңейтиў бойынша қосымша резервлерди анықлаў ҳәм Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў бойынша тапсырма берилди.

Экспорт көлемин кеңейтиў есабынан бар резеврлерди иске қосыў бойынша әҳмийетли бағдарлар белгиленди.

Соның ишинде, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына ҳәм ўәлаят ҳәкимликлерине экспорт режесин ҳәр бир кәрхана, жаңа қуўатлықлар бойынша айма-ай орынлаў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Онда 2018-жылға тастыйықланған инвестициялық жойбарлар шеңберинде нәзерде тутылған жаңа өндирислик қуўатлықларды мүддетинен бурын иске қосыў ҳәм жойбарлаў қуўатлылығына шығыў, жаңа базарларды ийелеў ҳәм шет елли қарыйдарлар менен  шәртнамалар дүзиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ең үлкен потенциалға ийе тараўлардан және бири – туризмде түсимди көбейтиў, туристлер баратуғын барлық объектлерге турникет арқалы ҳәм төлем тийкарында кириў системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети ҳәм «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясының режедеги экспорт көлемин сезилерли дәрежеде арттырыў, 2018-жыл экспорт бағдарламасы жойбарына  тийисли өзгерислер киргизиў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Быйыл жылы мийўе-овощ өнимлериниң экспортын өткен жылға салыстырғанда 2 есеге арттырыў белгиленген. Бул ушын аймақларда август пиязы, чеснок, тоқсан басты егинлердиң зүрәәтин өз ўақтында ҳәм толық жыйнап алыў, оларды шет елге сатыўды шөлкемлестириў зәрүр. Мийўе-овощқа қәнигелескен аймақлардың потенциалынан толық пайдаланыў, пахта ҳәм ғәлледен босайтуғын қосымша 150 гектар жерге дәраматлы егинлер егиў, ири экспортшы шөлкемлерге қосымша егислик жерлерди ажыратыў, заманагөй теплицалар, музлатқышлы қоймаханалар ҳәм қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў керек.

Усы мүнәсибет пенен Бас министрдиң орынбасарларына ҳәм ҳәкимлерге барлық аймақларда тастыйықланған 2018-жылы мийўе-овощ, палыз, жүзим ҳәм собықлы өнимлер жетистириўди көбейтиў, қайта ислеў, экспорт көлемлерин кеңейтиў ҳәм ишки тутыныўды тәмийинлеў, азық-аўқат жойбарларын әмелге асырыў және тараўды раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын толық орынлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Товарларды сақлаў, экспортқа таярлаў ҳәм тасыў бойынша комплексли хызметлер көрсететуғын заманагөй логистика орайларын шөлкемлестириў бойынша анық «жол карталары»н тастыйықлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Өнимлерди шет елге электрон саўда майданшалары арқалы сатыў бойынша да заманагөй механизмлер енгизиў зәрүр. Сонлықтан Қубла Корея менен биргеликте 2019-жыл 1-январьдан баслап, шет елли қарыйдарларға жергиликли экспортшы кәрханалардың товарларын сатып алыў имканиятын беретуғын Өзбекстан миллий саўда электрон майданшасын иске түсириў бойынша тапсырма берилди.

Елимизде қандай экспортшы кәрханалар бар екени ҳәм олардың қандай товарлар ислеп шығаратуғын ҳаққында шет елли компаниялар да, жергиликли кәрхана ҳәм мәмлекетлик ведомстволар да мәлимлеме алатуғын толық дәрек жоқ екенине итибар қаратылды. Сонлықтан ҳәр бир экспортшы кәрхана ҳаққындағы электрон мәлимлемелер базасын қәлиплестириў, олардың өнимлери, маркетинг изертлеўлери, экспорт көлеми сыяқлы мағлыўматларды өз ишине алатуғын электрон паспорт енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте Министрлер Кабинетиниң комплекслери, министрликлер ҳәм ведомстовлардың, хожалық бирлеспелериниң ҳәм аймақлар басшыларының есаплары тыңланды ҳәм додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, экспортшы кәрханаларды ҳәм исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша анық тапсырмалар берди.

ӨзА