Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ерик Утембаевтың республикамызға сапары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық потенциалы» темасында семинар болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев басқарып барып, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында елимизде шет мәмлекетлер, биринши гезекте, қоңсы еллер менен саўда-экономикалық, дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў бағдарында  әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.  2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилиўи, 2018-жылдың елимизде Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп белгилениўи, усы мүнәсибет пенен Мәмлекетлик бағдарламаның қабыл етилиўи бул бағдардаға жумысларды еле жеделлестириў имканиятын бермекте.

Соның ишинде Қазақстан Республикасы менен байланыслар жылдан-жылға раўажланып бармақта Быйылғы жылы Қазақстан Республикасында Өзбекистан Республикасы жылының, келеси жылы  елимизде Қазақстан Республикасы жылының өткерилиўи еки ел арасындағы  қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Инвестиция комитетиниң баслығы К.Садықов, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси М.Қарлыбаев, Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Р.Зарикеев мийманларды республикамызды социаллық–экономикалық жақтан раўажландырыў бағдары, туризм потенциалы, исбилерменлик субъектлерине жаратылған шараятлар бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгенинидей, бүгинги күни республикамызда шет еллер менен биргеликтеги 76, соның ишинде Қазақстан Республикасы менен 4 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасының туризм саласын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ,  2017-жыл 16-августтағы «2018-2019-жылларда туризм саласын раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде экономиканың әҳмийетли тармақларынан бири болған туризм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Республикамызда туризм тийкарынан мәдений, экология ҳәм зыярат бағдарларында раўажланбақта. Егер де 2016-жылы республикамызға бир қатар шет еллерден 6 мыңнан аслам турист келген болса, өткен жылы 8 мыңнан аслам турист келген. Олардың арасында 239 ы  Қазақстан Республикасының пуқарасы есапланады. Еки ел арасында туризм тараўындағы имканиятларды есапқа алатуғын болсақ, бул оғада аз көрсеткиш екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, инвесторларға жаратылған қосымша қолайлық ҳәм жеңилликлер, «Нөкис-фарм» еркин экономикалық зонасы, «Мойнақ» киши экономикалық зонасы бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтилди.

-Бүгинги семинарда еки ел арасында исбилерменликти раўажландырыў,оларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар мәселелер сөз болды,-дейди «Қоңырат агро солодка систем» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры Мансур Яқыпбаев.-Жәми 100 ден аслам адам мийнет  етип атырған кәрханамызда өткен жылы 180 мың АҚШ доллары муғдарында өним Нигерия мәмлекетине экспорт етилди. Быйылғы жылы өнимлерди Нигериядан тысқары Қазақстанға да экспорт етпекшимиз.

Семинарда Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ерик Утембаев еки ел арасында саўда-экономикалық, туризм, транспорт қатнаўы, ден саўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм басқала тараўларды раўажландырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев қатнасты

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.