Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жалаладдин избасарлары» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаў Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилди.

Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – жасларды Ўатансүйшилик руўхында тәрбиялаў, Қураллы Күшлер қатарында хызмет етиўге қызығыўшылықларын еле де арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм Өзбекстанның руўхый ҳәм мәдений бай тарыйхын тереңирек үйретиўден ибарат.

Таңлаўға республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларынан әскерий хызметти өтеп келген талантлы, уқыплы, зийрек ҳәм билимли студентлер  қатнасты.

Таңлаў қатнасыўшылары «Танысыў», «Әскерлер беллесиўи», «Әскерлер турмысынан интермедия», «Сораў-жуўап», «Әскер хаты» сыяқлы шәртлер бойынша өз-ара беллести.

Таңлаў жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  «Туран арысланлары» топары биринши, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ўатан сүйиўши» топары екинши, Ташкент мәлимлеме технологиялары универтитети Нөкис филиалының «Қорған» топары үшинши орынды жеңип алды.

Жеңимпаз болған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  «Туран арысланлары» топары Арқа-батыс әскерий округиниң «Шығыс бүркитлери» топары менен өз-ара беллести. Беллесиў жуўмағында «Туран арысланлары» топары  84 балл топлап, таңлаўдың толық жеңимпазы болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы