Түркменстан елшиханасында 2017-жылы усы елдиң сыртқы сиясий ислерине быйыл өткеретуғын халықаралық илажларға бағышланған баспасөз  әнжуманы болып өтти.

Илажда Түркменстанның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Шири Шириев 2017-жыл Түркменстан менен Өзбекстан арасындағы дәстүрий дослық ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде және раўажландырыўда тарийхый дәўир болғанын атап өтти.

Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер Өзбекстан – Түркменстан бирге ислесиўин сапасы жағынан жаңа басқышқа көтерди ҳәм әмелий мазмун менен байытты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев биринши сырт ел сапарын 2017-жыл 6-7-март күнлери Түркменстаннан баслады. Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар өз-ара бирге ислесиўдиң раўажланыўында күшли түртки болды ҳәм барлық тараўларда узақ мүддетли стратегиялық келешек ушын жаңа конструктив тийкарлар жаратты.

Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимухамедовтың атап өткениндей, дослық, жақын қоңсышылық, беккем саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў, сыртқы сиясатта өз-ара түсинисиў тек ғана еллеримиздиң мәплерине хызмет етип қоймастан, бәлким Орайлық Азияда ҳәм оның әтрапында турақлылықты және қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.

Регионаллық қәўипсизликти беккемлеў Өзбекстан – Түркменстан шерикшилигинде айрықша әҳмийетке ийе. Бул мәселеде еллеримиздиң көз-қараслары өзгермес ҳәм избе-из болып табылады. Өзбекстан ҳәм Түркменстан қарама-қарсылықлы жағдайларды сапластырыў, тығыз қоңсышылықты беккемлеў, өз-ара мәплерди итибарға алған ҳалда, Орайлық Азияда тынышылықтың ҳәм турақлы раўажланыўдың ашық-айдын ҳәм нәтийжели механизмлерин жаратыўдың тәрепдары болып табылады. Бул бағдарда қоңсылас Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар қаратылады. Оны турақластырыўдың бирден-бир жолы тыныш, сиясий қураллар тийкарында улыўмамиллий сөйлесиў өткериўден ибарат. Соның менен бирге, халықаралық жәмийетшилик, биринши гезекте, БМШ Аўғанстанда тынышлық орнаўы ушын өз имканиятларын иске қосыўы керек.

Тынышлық ҳәм қәўипсизлик мәселелеринен басқа, еллеримиздеги әҳмийетли глобаллық мәселелер  – турақлы раўажланыў, энергетика қәўипсизлиги, халықаралық транспорт-транзит байланыслары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға биргеликте итибар қаратпақта.

Транспорт тараўы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады. Өзбекстан ҳәм Түркменстанның өз-ара интеграцияласқан автомобиль ҳәм темир жоллары үшинши мәмлекетлер ушын да транзит ўазыйпасын өтемекте.

Еллеримиз региондағы кең көлемли энергетикалық жойбарларға белсене қатнаспақта. Бул жойбарлар ҳаққында сөз болғанда, жылына 25 миллиард куб метр газ өткеретуғын Түркменстан –  Өзбекстан – Қазақстан – Қытай қубырын айрықша атап өтиў керек.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан халықаралық майданда бирин-бири қоллап-қуўатлап келмекте. Соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ислам бирге ислесиў шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры ҳәм басқа да халқаралық структуралар шеңберинде избе-из бирге ислесип келмекте.

Халықларымыз әзелден ийинлес, татыў жасап келген, бир дәрьядан суў ишкен, саўда-сатық еткен, бир-бириниң мәдениятын байытқан. Бул жақынлық еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң раўажланыўына тийкар болмақта.

Халықларымыздың тарийхтан қәлиплескен жақын дослық байланыслары ҳәм тутас мәдений тамырлары Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы өз-ара түсинисиў беккемлениўине және нәтийжели бирге ислесиўдиң раўажланыўына хызмет етпекте.

Шарофиддин ТЎЛАГАНОВ,

сиясий шолыўшы

ӨзА