Жақында пайтахтымыздағы «Жаслар орайында» жас журналистлердиң 1-медиафорумы өткерилди.

Медиафорум тийкарынан Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, республикалық «Жаслар орайы», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлектлик университетиниң журналистика кафедрасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажға университеттиң журналистика қәнигелигиниң студент-жаслары, республикалық «Жаслар орайы» қасында шөлкемлестирилген «Жас журналистлер клубы»ның ағзалары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары қатнасты.

Медиафорум 2 күн даўам етип, телевидение ҳәм радио журналистикасы, баспасөз ҳәм фотожурналистика, интернет журналистикасына бөлинип, онда усы тараўларда жемисли мийнет етип атырған тәжирийбели журналистлер өз бағдарлары бойынша шеберлик сабақларын өтти.

Онда жас журналистлерге телевидение, радио, интернет журналистикасының өзине тән айырмашылықлары туўралы түсиник берилди.

Жас журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бул медиафорум жаслардың билим ҳәм көнликлерин арттырыўға хызмет ететуғыны анық. Бундай илаж турақлы түрде өткерилип барылыўына келисип алынды.

 

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти