Жақында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да тийисли шөлкемлерден бир топар қәнигелер Беруний районында  хожалықларға кирип халық пенен ушырасыўлар өткерди.

– Еслетип өтемиз, бул илажлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелеринде медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаўға, өткерилип атырған профилактикалық илажлардың нәтийжелилиги ушын жуўапкершиликти арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылмақта.

Топар ағзалары ушырасыўларда тийкарынан ҳәр бир хожалықтың медициналық-социаллық аўҳалы, халықтың профилактикалық, тереңлестирилген медициналық, диспансерлик, мақсетли медициналық тексериўлериниң жағдайы менен танысты.

Жәми 3636 адам тереңлестирилген медициналық тексериўден өтти. Соннан жүрек қан тамыры, дем алыў жоллары, орайлық нерв системасы, бөтеке ҳәм сидик жоллары, аўқат сиңириў жоллары, көз кеселликлери сыяқлы кеселликлер   1419 адамда анықланды. Олардың  1022 сине амбулатор, 10 ына стационар шараятта емлениўге мәсләҳәт берилди. Беруний районында жәми 30 мыңнан аслам хожалықтың дерлик ҳәммесине бирме-бир кирип шығылып машқалалары үйренилди.

Сондай-ақ, илаж даўамында халықтың қоршаған орталықтың патасланыўына себепши болып атырған машқалалар, жақтыландырыў, ысытыў, таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи сыяқлы мәселелер де үйренип шығылып, анықланған машқалалар бойынша тийисли усыныслар берилди. Саламат турмыс тәризи туўралы үгит-нәсият жумыслары алып барылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Емлеў-профилактика жәрдемин шөлкемлестириў бөлиминиң бас қәнигеси Ш.Қәдиримбетова.

Бул илаж район халқын пүткиллей қамтып алғанлығы себепли, ондағы ҳәр бир шаңарақтың денсаўлықты сақлаў бойынша түсиник алғанлығы, өзиндеги, медицинадағы машқалалар бойынша пикир алысып, көплеген машқалалардың өз орнында шешилгенлиги менен әҳмийетли болды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.