Усы жыл 20-22-февраль күнлери Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районларында «Басқарыў уйымлары, Айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардың аймақлық структуралары ҳәм функционаллық төменги структураларының тәбийғый ҳәм техногенлик қәсийетке ийе айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша ҳәрекети» темасында саркардалық штаб оқыў-шынығыўлары болып өтти.

Оған Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районлары ҳәкимиятларының, айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардың аймақлық төменги структураларының, экономикалық объектлердиң, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, қәнигелери, эвакуация комиссиялары, жыйма командалар, МПЖ, АПЖ баслықлары ҳәм пуқаралар қатнасты.

Дәслепки күни райондағы биринши медициналық жәрдем отряды менен районлық жыйма команданың саптан өтиў таңлаўы өткерилип, шәртли түрде жер қозғалыўы нәтийжесинде жәбирленген адамларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша илажлар өткерилди. Соң районлардағы лицейлерде пуқаралық қорғаныў илажлары өткерилип, «Қыпшақ» АПЖ, «Марказабат» МПЖ аймағында қутырыў кеселлигиниң алдын алыўдағы бирге ислесиў ҳәрекетлери әмелде көрсетилди. Бул илажларда мыңға шамалас адам қатнасты. Күнниң екинши ярымында «Қыпшақ пантон көпири»нде ҳәм Төрткүл районлық «Агробанк»те «Тәбийғый техногенлик қәсийетке ийе айрықша жағдайлар жүз бергенде объекттиң басшылар қурамының, пуқаралық қорғаныў структураларының ҳәм район ҳәкимшилиги хызметлериңиң биргеликтеги ҳәрекети» темасында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўлары өткерилди.

– Илажда тийкарғы итибар айрықша жағдайлардың алдын алыўда ҳәм сапластырыўда ҳәрекет режелериниң дурыслығына, оларда белгиленген илажлардың әмелде орынланыў итималлылығына, тәбийғый түрде пайда болыўы мүмкин болған айрықша жағдайларда район халқын көшириў орнында оператив түрде халыққа жасаў шараятларын жаратыўға, көрилетуғын зыянларды мүмкиншилиги болғанынша азайтыў ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының қутқарыў ҳәм кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыўы бойынша таярлықларға қаратылды.

Илаждың екинши күни де оқыў-шынығыўларына бай болды. «Қаратаў» жарылыўшы затларды сақлаў қоймаханасында, «Тақыятаснефтьбазасы» ЖШЖниң Қаратаў филиалында, «Төрткүлдәнөнимлери» ЖШЖ де арнаўлы оқыў-тактикалық шынығыўлар өткерилди. Үшинши күндеги илажлар «Орта қала» АПЖда, «Түйемойын» суў тазалаў имаратында, «Төрткүлнефтьбазасы»нда, улыўма билим бериў мектеплеринде даўам етти.

Өткерилген илажларға жәми 41 мыңнан аслам адам ҳәм 343 техника тартылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкери И.Қосбаев. – Илажлар даўамында кеўилсиз жағдайлар жүз бермеди.

Илажда оқыў-шынығыўына белсене қатнасқан бир қатар пуқаралар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.