Беруний районы ҳәкимлигинде «Өзбекстанда ашшы бурыш жетистириўдиң келешеги» бағдарламасы шеңберинде әмелий оқыў-семинары болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Ташкент  мәмлекетлик аграр университети, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) тәрепинен шөлкемлестирилген илажға районлық аўыл ҳәм суў хожалығы бөлимлериниң, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң басшылары менен қәнигелери, фермерлер қатнасты.

Семинарда Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының директоры Р.Ҳәкимов, Дүнья жүзилик палыз жетистириў орайының Орта Азия ҳәм Қубла Кавказ бойынша регионаллық ўәкилханасының баслығы Р.Мавлянова, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының жойбар координаторы А.Нурбеков, Корея шөлкеминиң Өзбекстандағы орайының директоры Ан Хи Сунг, Ташкент  мәмлекетлик аграр университетиниң доценти А.Азимовлар шығып сөйлеп, дүнья жүзинде ашшы бурыш жетистириўдиң бүгинги жағдайы, бул бағдарда Қубла Корея мәмлекетиниң тәжирийбеси кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, бул егинниң сортлары ҳәм технологиясы, оны қыйтақ жерлерде егиў агротехникасы, жетистирилген өнимлерди инновациялық технологиялар тийкарында кептириў ҳәм оны қайта ислеў бойынша кең түрде түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы республикамызда 4493 фермер хожалығында 7000 гектарға ашшы бурыш егиў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта бул егинди егиў бойынша кең көлемде таярлық жумыслары алып барылмақта.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.