Қарақалпақстанлы художник Узақберген Сапаровтың сүўретлери Поль Гоген, Пиросмани сыяқлы дүньяға белгили көркем сүўретлеў усталарының усылында салынғаны анықланды. У.Сапаровтың өз ишине импрессионизм, символизм ҳәм балаларша иллюстрацияларды қамтып алған картиналарында Франция ҳәм Грузия художниклериниң стили қайталанады.

Бул ҳаққында художниктиң 75 жыллық юбилейине бағышланған «Өмир сәўлеси» атамасындағы жеке көргизбесинде мәлим етилди.

– 1973-1974-жыллары Қарақалпақстанлы художниклердиң сүўретлерин сатып алар ўақтында Игорь Витальевич Савицкий бийкарға оны  «қарақалпақтың Гогени» деп атамаған екен, – дейди Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Жеңис Лепесов. – Ол өзиниң айрықша, өзгеше усылы менен басқалардан айырылып туратуғын еди. Кеўлиндеги барын полотнаға түсирип, бар көрген нәрсесин қандай болса сондайлығынша тамашагөйлерге жеткерип бериўди қәлейтуғын еди.

Художниктиң «Компьютер», «Қуяштың батыўы», «Арал толғаўы», «Мал базарда саўда», «Булыт үстиндеги қыз» ҳәм басқа да қурамалы мазмунға ийе метафораларға бай, символикалық ҳәм филосоыиялық мәни жасырынған адамлар сүўретленген картиналары Ленинград, Уфа, Москва, Алма-ата, Қазан ҳәм Махачкала қалаларында өткерилген көргизбелерге қойылып, қәнигелер тәрепинен жоқңары баҳаланған.

– Республикамыз бойынша 30 дан аслам художниклер Өзбекистан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң ағзасы болса, солардың ишинде У.Сапаровтың орны айрықша. Себеби, оның бөлекше стили бир көрген адамда «буны бала да соға аладығо» деген пикир оятады, – дейди И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң бөлим баслығы Феруза Хожаметова. -XIX әсирде Францияда пайда болған бул жанр сол заман адамлары тәрепинен қатты қарсылыққа ушыраған болыўына қарамастан, ҳәзирги ўақытта ең көп ышқыпазға ийе жанр болып табылады. Бул стильде салынған сүўретлер қымбат баҳаланады.  Художник У.Сапаров өзи билмеген ҳалда усы жанрда дөретиўшилик еткен. Оның сүўретлериниң бийбаҳалығы енди анықланып, тән алынбақта.

Өзбекистан көркем-өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайында У.Сапаровтың 20 дан аслам шығармалары 14-мартқа шекем көргизбеге қойылады.

 

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы