Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ерик Утембаев үш күнлик сапар менен  республикамызға келди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде елшини қабыллаў мәресими болды. Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, еки ел арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. 2017-жыл сентябрь айында Ташкент қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлерге муўапық, Қазақстан Республикасында Өзбекистан Республикасы жылының өткерилиўи халықларымыз арасындағы дослық қатнасықларды еле де беккемлеўге хызмет етеди.

Өз гезегинде Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ерик Утембаев жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары аўыл хожалығы, илим, билимлендириў, туризм, медицина, фармацевтика тараўларында бирге ислесиў бойынша имканиятлардың жоқары екенлигин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қазақстан Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, республикамыздағы жоқары оқыў орынларының басшылары менен ушырасты.

Илажда атап өтилгенинидей, ушырасыўдың бул жоқары оқыў орнында өтип атырғанлығы тосыннан емес. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде Қазақстан Республикасының жоқары оқыў орынлары менен халықаралық илимий байланыслар орнатылып, бирге ислесиў шәртнамалары жолға қойылған. Усы шәртнамалар тийкарында университеттиң профессор-оқытыўшылары өзлериниң илимий жумысларын алып бармақта.

Бул жоқары оқыў орнында ҳәр жылы қазақстанлы пуқаралар билим алып келген ҳәм ҳәзирги ўақытта да билим алмақта. Қазақстан Республикасының Н.Назарбаев университетиниң профессоры, жерлесимиз Е.Абдикамалов, Қазақстан мәмлекетлик аграр университетиниң докторы, жерлесимиз А.Исмаилова мирәт етилип, университеттиң физика-математика, социал-экономика факультетлеринде магистр студентлерге сабақ берип ҳәм әмелият өтеп, өзлериниң қәнигеликлери бойынша тәжирийбелерин бөлисти.

Соныда атап өтиўимиз керек, университетте қазақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 1993-жылы ашылған болып, бүгинги күни 60 студент билим алмақта.

Мийманлар сондай-ақ, Хожелидеги логистика орайында, Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы қарсаңында пайтахтымызда пайдаланыўға тапсырылған «Нөкис полимер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде, «Нөкисэлектроаппарат» ЖШЖ қоспа кәрханасында болып, бул жерлерде алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Қазақстан Республикасы елшисиниң республикамызға сапары даўам етпекте.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.