2018-жылда Қанлыкөл районын комплексли түрде социал-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс жағдайын ҳәм социаллық қорғалыўын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша жумысларды шөлкемлестириўге қаратылған, жәми 85 млрд. сум әтирапындағы 195 бәнттен ибарат «Жол картасы» ислеп шығылды.

Район ҳәкимлиги мәжилислер залында 2018-жылы 22-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары қатнасында өткерилген Халық депутатларының Қанлыкөл районлық Кеңесиниң 40-сессиясында усы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 16-22-февраль күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, сенаторлар, Министрлер Кабинети, министрликлер ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар Қанлыкөл районын социал-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўлардың жағдайын үйренген.

Усы үйрениў нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Ж.Абдижамилов ҳәм басқа да рәсмий ўәкиллер шығып сөйлеп, үйрениў дәўиринде район аймағында әмелге асырылған жумыслар менен бирге ислениўи тийис ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-августтағы «Аймақлардың жедел социал-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары тапсырмалары тийкарында районда санаат, қурылыс, транспорт, байланыс, аўыл хожалығы, меншиклестириў, саўда ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар, исбилерменлик ҳәм мийнет базары, социаллық тараўлардың раўажланыўы нәтийжесинде бюджет параметрлериниң турақлы микроэкономикалық көрсеткишлериниң сезилерли дәрежеде өскенлиги атап өтилди.

Сессия даўамында депутатлар ҳәм сенаторлар тәрепинен үйрениў дәўиринде анықланған машқалалар және әмелге асырылыўы зәрүр илажлар бойынша билдирилген пикир-усыныслар тийкарында тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессия мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Т.Турманов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги