Алдын хабар етилгениндей, пайтахтымыз Нөкис қаласында бес орында – Қарақалпақстан ҳәм Қ.Реджепов көшелериниң (Республикалық туўыў үйиниң жанындағы), Ерназар Алакөз ҳәм Мәтеке Жуманазаров көшелериниң (Спорт комплекси, бурынғы Айдын жол базары жанында), Аллаяр Досназаров ҳәм Мәтеке Жуманазаров көшелериниң (Республикалық емлеўхананың жанында), Беруний ҳәм Аллаяр Досназаров көшелериниң, Өзбекстан (Төрткүл) гүзары менен Беруний көшелериниң кесилиспелерине видеобақлаў камералары орнатылады.

Усы жыл март айының орталарынан баслап бул камералар орнатыла баслайды.

2022-жылға шекем пайтахттың дерлик барлық кесилиспелерине жәми 44 видеобақлаў камералары орнатылады.

Бул видеобақлаў қурылмаларының орнатылыўы нәтийжесинде автомобильди жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў ҳалатларының алды алынады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги