Нөкисте «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў және бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары шеңберинде журналистлер ушын дөгерек сәўбети болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, «Сувчи» жәмийетлик бирлеспеси, Европа Аўқамына қараслы Орайлық Азия регионаллық Экология орайы, оның елимиздеги ўәкилханасы тәрепинен  Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда суў ҳәм экология тараўлары бойынша қәнигелер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Халықаралық Аралды қутқарыў қоры Нөкис филиалының директоры Р.Кошеков, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов, «Сувчи» жәмийетлик бирлеспесиниң қәнигелери А.Хужақулов, Б.Муҳаммадиевлар өткерилип атырған дөгерек сәўбетиниң әҳмийетине, оны әмелге асырыўда  журналистлердиң алдында турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

«Суў-өмир шербети», «Суў-жер жүзиндеги ең әзийз байлық», «Өзбекстан Республикасының аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў» темаларындағы баянатларда атап өтилгениндей, ол дүнья жүзинде ең бийбаҳа байлық сыпатында қәдирленеди. Жер шарының 71 проценти суў менен қапланған болса да, оның пайдаланыўға жарамлы муғдары 2,8 процентти ғана қурайды. Дүнья жүзи халқының көбейип барыўы, инсанияттың тәбият инәмларына  дурыс мүнәсибетте болмаўы ақыбетинде душшы суў запасының муғдары кейинги жылларда барған сайын қысқармақта. Дәрьялардың суўлары азайып бармақта. Өкинишлиси, бул машқалалардан халқымыз жетерли дәрежеде хабардар емес. Соның ақыбетинде орынларда суўдан пайдаланыўда унамсыз жағдайлар жүз бермекте.

«Глобал ысыўдың пүткил дүньяға ҳәм инсанның өмирине тийгизетуғын тәсири» темасындағы баянатта болса, қәнигелер тәрепинен дүнья жүзиндеги ири музлықлардың ериўи, үлкен көллердиң қурыўы, ықлым өзгериўи  ақыбетинде жүзеге келген машқалалар, оның инсан саламатлығына кери тәсири туўралы кең түрде түсиник берилди.

Илажда суўдың ҳәр бир тамшысынан ақылға уғрас пайдаланыў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, аймақларды шығындылардан тазалаў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўдиң абзаллықлары, суў там тарыслығы процесине бейимлесиў туўралы кең жәмийетшилик, соның ишинде жасларымыз арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыўда ғалаба хабар қураллары алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқталды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.