Өткен дәўир ишинде жүз берген өртлерди, соның ишинде газ ҳәм ҳаўа араласпасынан жарылыў пайда болыўы менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселерди инабатқа алған ҳалда, бундай кеўилсиз жағдайларды болдырмаў  мақсетинде усы жылдың 19-декабринен баслап республикамызда «Өрт қәўипсизлиги он күнлиги» илажы өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен қала ҳәм район ҳәкимликлери, ҳуқық қорғаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, оқыў орынлары ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте өрттиң алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған илажлар еле де күшейтиледи. Өрт қәўипсизлиги талапларының бузылыўына байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға жол қойған 17 пуқараға жәрийма салынды, өрт шығыў қәўпи болған 4 имараттың жумысы ўақтынша тоқтатылды. Соның менен бирге 23 насаз электр үскенеси менен агрегаттан пайдаланыў қадаған етилди.

Орынларда жумысшы хызметкерлерге өрт пайда болған жағдайда ҳәрекетлениў тәртибин үйретиў мақсетинде 5 әмелий оқыў шынығыўлары өткерилди. Өртти өшириў усылларын көрсетиў және усы илажларға жәмийетшиликти кеңнен тартыў бойынша адамлар көп жыйналатуғын орынларда өрт өшириў техникалары менен қуралларын көрсеткен ҳалда 6 мәрте ушырасыў шөлкемлестирилди.

Он күнлик шеңберинде ҳәр бир аймақ бойынша өрттиң келип шығыў себеплери талланған ҳалда, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған илажлардың режеси ислеп шығылып, оның қатаң орынланыўы тәмийинленбекте. Мәмлекетлик  өрт қадағалаў хызметиниң жеке қурамы ҳәр күни пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының белсендилери менен биргеликте үйме-үй кирип, турғынлар арасында өртке қарсы түсиник жумысларын алып бармақта.

Республикамызда өткерилип атырған «Өрт қәўипсизлиги он күнлиги» илажына белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Өрт қәўипсизлиги басқармасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги.