Президент Шавкат Мирзиёевтиң өткен жылы декабрь айындағы Қарақалпақстанға хызмет сапарынан соң аймақта исбилерменлик орталығын жаратыў ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде 100 миллиард сумлық кепилликли кредитлер ажыратылмақта. Нөкис ҳәм Қанлыкөл районларында салы майданларында балық жетистириў технологиясы енгизиледи.

20-февраль күни Кегейли районында ӨзЛиДеПтиң Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен өткерилген “Өзбекстанның белсенди исбилерменлери” атамасындағы семинарда усы ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы басқа да мағлыўматлар берилди.

Семинарда атап өтилиўинше, Президентимиздиң өткен жылы 15-16 декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапары аймақты социаллық, экономикалық раўажландырыў, халықтың пәраўан турмысын тәмийинлеў, пуқаралардың жасаў шараятын жақсылаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ушын қолай бизнес орталығын жаратыў бағдарындағы жумысларды және де жеделлестирди.

Президентимиздиң «Пахтаны пайда берсе де, пайда бермесе де егиў ўақты өтти» деген пикири тийкарында пахта егис майданларын оптимизациялаў мәселелери көрилмекте. Пахтаның орнына көп зүрәт бериўши, экспортта өтимли өнимлерди егиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Мәселен, Шымбай районында жумыс баслаған «Lanextrakt» қоспа кәрханасы бояннан экстракт ислеп шығарыўды жолға қоймақта. Кәрхана жылына 30 мың тонна боян тамырын қайта ислеп, 1,3 тонна экстракт ислеп шығарады. Кәрханада 200 адам жумыс пенен тәмийинленген. Шоманай районында да 4 экспортёр кәрхана Қытай, Германия, Нигерия, Ҳиндстан, Англия, Тайланд ҳәм Мьянма мәмлекетлерине боян тамырын экспорт етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 3-майдағы “Нукус-фарм”, “Зомин-фарм”, “Косонсой-фарм”, “Сирдарё-фарм”, “Бойсун-фарм”, “Бўстонлиқ-фарм” ҳәм “Паркент-фарм” еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Пәрманының орынланыўы бойынша да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Аймақта фармацевтика санаатын 2018-2019 жылларда раўажландырыў мақсетинде 27 миллион долларға тең 37 түрдеги фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўшы 17 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.

Нөкис қаласында «Нөкис Мед-Тех» ЖШЖ тәрепинен медицина буйымларын, «Берлин фарм» ЖШЖ тәрепинен онкологигиялық дәри өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады. Төрткүл районында «Төрткүл шийше ыдыслары» ЖШЖде фармацевтикалық шийше ыдыслары таярланады.

Қарақалпақстанлы фермерлер ушын да қолайлы бизнес жүргизиў ушын жаңа имканият есиклери ашылмақта. Атап айтқанда, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланыўшы «Хожели агросаноат орайы» ЖШЖде усы жылы 5 мың тонна мийўе-палыз өнимлерин қайта исленеди ҳәм қадақланады ҳәм 150 пуқара жаңа жумыс орынларына ийе болады.

Қарақалпақстанда азық-аўқат санааты тараўында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилиги ҳәм балықшылықты раўажландырыў бойынша баслы ўазыйпалар белгилеп алынды. 2018-2019 жылларда мийўе-овощ өнимлери ҳәм гөшти қайта ислеў, музлатқышлар қурыў бойынша 70 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. 2018-2020 жылларда шарўашылық ҳәм қусшылықты раўажландырыў бағдарламасы бойынша 250 жойбарды турмысқа енгизиў көзде тутылған. Нәтийжеде 730 дан артық жаңа жумыс орынлары жаратылады.

2018-2020 жылларда балықшылықты раўажландырыў бағдарламасы бойынша 6 жойбар орынланады. Нөкис ҳәм Қанлыкөл районларында салы майданларында балық жетистириў технологиясы енгизиледи.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Республикада шет ел тәжрийбеси тийкарында ашшы бурыш жетистириўди көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй қапталы қыйтақ жер участкаларына 15 мың гектар егин майданға ашшы бурыш егиў режелестирилген.

Республикамыздың барлық исбилерменлери ҳәм фермерлери ушын мәмлекетимиз барлық имканиятларды жаратты, тек ғана олар экспортқа сай өнимлерди таярлаў керек ҳәм халыққа керекли өнимлер жеткерип бериў арқалы елимиз пәраўанлығын ҳәмде абаданшылығын тәмийинлеўи лазым.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги