Пайтахтымызда бодибилдинг бойынша Қарақалпақстан ашық чемпионатын өткериў режелестирилмекте.

Бул ҳаққында бизге Өзбекстан бодибилдинг фитнес ҳәм мас-рестлинг федерациясы Қарақалпақстан филиалының бөлим баслығы Бахыт Шуўақбаев хабар берди.

Ашық чемпионат 11-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлектлик университетиниң «Мәденият сарайы»нда өткерилиўи белгиленген. Оған Өзбекстан бойынша барлық аймақлардан 60тан аслам бодибилдингшилер қатнасады.

Жарысқа пуқаралық паспорты болған ҳәр бир пуқара қатнасыўы мүмкин.

Жарысқа бодибилдингшилер 13 салмақ категориясында қатнасады.

Жеңимпазлар  Өзбекстан бодибилдинг фитнес ҳәм мас-рестлинг федерациясы Қарақалпақстан филиалы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары, сондай-ақ, ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги