1998-жылы өз жумысын баслаған Елликқала районлық медицина бирлеспесине қараслы «Ойқала» аўыллық шыпакерлик пунктиниң имараты өткен жылы толығы менен қайта реконструкцияланды. Пункт жанынан шыпакерлер ушын жаңа имарат салынды. Жақында имарат пайдаланыўға тапсырылды.

– Денсаўлықты сақлаўды реформалаў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде аўыллық шыпакерлик пунктимизге заманагөй әсбап-үскенелер алып келинип, жоқары маманлықтағы шыпакерлер менен толықтырылмақта. Бүгинги күни бул жерде 3 шыпакер, 14 мийирбийке, 2 киши медицина хызметкери жумыс ислемекте. Олардың хызмет көрсететуғын аймағында жасайтуғын халықтың саны 7 мыңға шамалас,-дейди «Ойқала» АШП баслығы М.Юсупова. – Маған усы шыпакерлер ушын арналған имаратты тапсырғанынан оғада қуўанышлыман. Жаңа жайым үш бөлмели, барлық қолайлықларға ийе етип заманагөй көринисте салынған. Дөгереги абаданластырылған. Аўылдың өзинде жайымның болғаны ушын енди ҳеш нәрсеге алаң болмай, шақырған адамға дәрҳал жетип барып, медициналық хызмет көрсетиўден шаршамаймыз, деп исендиремен. Бул ушын басшыларымызға миннетдаршылық билдиремен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги