Министрликлер менен ведомстволардың сайтында 25-февральға шекем виртуал қабыллаўханалар жаўылады. Оларға арза, шағым хат ямаса усыныслар менен енди Өзбекстан Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы сайты арқалы мүрәжат етиў мүмкин болады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, 1-февральдан Президенттиң жаңаланған виртуал қабыллаўханасы pm.gov.uz Интернет мәнзилинде тест режиминде жумыс баслаған. Онда ҳәр бир пайдаланыўшыға жеке кабинет ашыў, көп берилетуғын сораўларға толық жуўап алыў имканияты жаратылған. Виртуал қабыллаўхана жаңа бағдарламалық системада пуқараларға қолайлы болған формада ҳәр қыйлы машқала және мәселелер бойынша қәнигели юридикалық жәрдем берилиўин тәмийинлейтуғын “Онлайн мәсләҳәтши” модули жаратылды. Бул модуль “Көп берилетуғын сораўлар ” бөлими менен биргеликте ислейди.

Мәмлекетлик органлар басшыларының онлайн-қабыллаўханаларының жумысларын тоқтатыўы функциялардың тәкирарланыўын сапластырады, мүрәжатларды көрип шығыў бойынша қадағалаўды күшейтеди ҳәм процестиң нәтийжелилиги менен нейтраллығын арттырады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги