Өзбекстан «Әдалат» социал-демократиялық партиясы «Ҳаяллар қанаты» Кеңесиниң басламасы менен өткерилген «Жылдың ең белсенди ҳаялы» таңлаўында Төрткүл районынан қатнасқан Орынгүл Аллабергенова биринши орынды ийеледи.

Таңлаўда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған түрли жастағы, ҳәр қыйлы кәсиптеги, өмирлик тәжирийбеге ийе 15 ҳаял-қыз өз-ара жарысқа түсти. Таңлаўда олардың излениўшеңлиги, дүньяға көз қарасының дәрежеси, сиясий саўатлылығы, миллий ҳәм улыўмаинсаный қәдриятларды өзлестиргенлиги, әмелге асырған жойбарлары, жумысларының жәмийетшилик тәрепинен баҳаланыўына байланыслы мағлыўматлар талқыланып баҳаланды.

Биринши шәрт бойынша баҳалар жуўмақлаўшы басқыштан бурынырақ, яғный, қатнасыўшылардың алдыннан таярлап келген ҳүжжетлери (слайдлары, альбомлары, дисклери, баспадан шығарған мақалалары, оларға берилген минезлемелер) тийкарында қойылды. Қалған шәртлер сахнада орынланды. Дәслеп олар өзи жасап атырған аймақтың тарийхын, көркем өнерин, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин, өзине тән қәсийетлерин таныстырды. Соң берилген сораўлар арқалы олардың билимлери сынақтан өтти.

Таңлаўдың кейинги шәртинде қатнасыўшылардың «Өзбекстан «Әдалат» социал-демократиялық партиясы мениң қыялымда» атамасындағы дөретиўшилик жумысы таныстырылды. Ол қосық, сүўрет, эссе, фотоальбом, презентация, видеоролик, реклама ролиги ҳәм басқа да көринислерде болды.

Таңлаў жуўмағы бойынша Елликқала районынан Гүласал Кәримбаева екинши, Нөкис қаласынан Айжамал Жиемуратова ҳәм Қараөзек районынан Сәрсенгүл Саиповалар үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар партияның Қарақалпақстан аймақлық Кеңесиниң диплом, ҳүрмет жарлық ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.