Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамларына ағза мәкемелерде өткен жыл даўамында 7 бахытсыз ҳәдийсе жүз берип, соннан бир адам қайтыс болды, еки адам аўыр, төрт адам жеңил дене жарақатын алды.

-Мийнетти қорғаў бойынша ҳәр жылы кең көлемдеги үгит-нәсият жумыслары алып барылыўына қарамастан, жоқарыдағыдай бахытсыз ҳәдийселер ушырасып турады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим меңгериўшиси Бекполат Утепбергенов.-Мәселен, «Хожели көзи әззилер жәмийети» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ислеўши Тимур Сейтжанов пахта тазалаў үскенесиниң барабанын тазалаў ўақтында бахытсыз ҳәдийсеге дуўшар болған, яғный, дене жарақатын алған. Сондай-ақ, «Шимолгазтаъминот» унитар кәрханасы Кегейли районлық филиалының хызметкери Рашид Балтаниязов «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында үлгили жойбар тийкарында қурылған турақ жайлардың әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барып атырған пайытта күтилмегенде жығылып түсип, жарақат алып,  мийнетке жарамсыз аўҳалға түсип қалған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 27-апрельдеги «Мийнетти қорғаў тараўындағы хызметлер базарын буннан былай да раўажландырыў ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў шеңберинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, республика Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте илажлар белгиленип, усы тийкарда жумыс алып барылмақта.

Быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында Халықаралық Мийнет шөлкеминиң ратификацияланған конвенцияларындағы халықаралық стандартлар бойынша орынларда фермерлердиң оқыўын, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде «Мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў жетискенликлери» темасында оқыў семинарын шөлкемлестириў, аграр сектарда мийнет стандартларының тәмийинлениўи ҳәм оған бойсынылыўын тәмийинлеўге байланыслы «Аўыл хожалығында мийнетти қорғаў» жойбарын ислеп шығыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, жәмәәтлик шәртнамалардың, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў талапларының орынланыўын, ҳаял-қызлар ҳәм кәсип-өнер колледжлери питкериўшилери ушын тийисли мийнет шараятларының жаратылыўы, хызметкерлердиң белгиленген мүддетте медициналық тексериўден өткерилиўи үстинен турақлы түрде мониторинг жүргизиледи, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар берилип, жүз берген бахытсыз ҳәдийселер қәнигелердиң қатнасыўында таллап барылады. Мийнетти қорғаў  ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде жәмийетшилик қадағалаўын шөлкемлестириў бойынша республикалық таңлаў өткерилип, оның жеңимпазлары сыйлықланып барылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.