Қарақалпақстанда усы жылдың март айынан баслап Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен мәкемелердеги юридикалық хызмет бойынша хызметкерлердиң тәжирийбесин арттырыў бойынша көшпели оқыўлар шөлкемлестириледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Юридикалық хызмет жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған тәжирийбе арттырыў оқыўларында мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң юридикалық хызметкерлери ҳәр 3 жылда кеминде бир мәрте тәжирийбе арттырыўы ҳәм усы министрликте ҳәм оның аймақлық уйымларында аттестациядан өтиўи белгиленген.

Биз Қарақалпақстандағы юристлердиң Ташкент қаласына барып оқып, аттестациядан өтип келиўин талқылап көрдик, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң қәнигеси П.Қожаметов. – Кеткен ўақытты ҳәм айлығын есапқа алмағанда, мәкемелердиң есабынан олардың ҳәр бири ушын орташа 4 миллион сум әтирапындағы қәрежет жумсалады екен. Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен Юристлердиң тәжирийбесин арттырыў орайы арасында келисим дүзилип, оқыўларды Нөкис қаласында шөлкемлестириў белгилеп алынды.

Ҳәзирги ўақытта оқыўды шөлкемлестириў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги