Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде 16-февраль күни Бухара ўәлаятына келди.

 Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 10-11-март күнлери ўәлаятқа сапары ўақтында барлық тараўларды раўажландырыў бойынша кең көлемли режелерди белгилеп берген еди. Усы тапсырмаларды орынлаў шеңберинде үлкен жумыслар әмелге асырылды. Жаңа санаат кәрханалары, исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди. Жергиликлилестириў дәрежеси ҳәм экспорт көлеми артты. Транспорт ҳәм сервис инфраструктурасы раўажланып, туристлердиң ағымы көбейди. Аўыл хожалығында пайдаланылмаған имканиятлар иске қосылды. Жаңа турақ жайлар, социаллық объектлер қурылды.

Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятына сапарын Баҳауддин Нақшбанд комплексин зыярат етиўден баслады.

Елимиз әййемги зыярат етиў орынларына бай. Бул жерде уллы ойшыллар, диний ҳәм дүньялық илим ийелери жасап, дөретиўшилик еткен. Президентимиз тәрепинен миллий мәдений мийрасымызды сақлаў, раўажландырыў, елимиздеги тарийхый естеликлер менен мийрасларымызды тиклеў, үйрениў ҳәм келешек әўладларға жеткериў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 10-март күни Баҳауддин Нақшбанд комплексинде болып, бул жерди және де абат мәканға айландырыў, зыяратшылар ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша жуўапкер лаўазымлы шахсларға тийисли көрсетпелер берген еди.

Президентимиз өткен ўақыт даўамында, исленген жумысларды көзден өткерди. Дәстүрге бола  марҳумлардың руўхына Қуран оқылды.

Президентимиздиң 2017-жыл 11-июльдеги «Абдухолиқ Ғиждувоний туўылған күнниң 915 жыллығын ҳәм Баҳауддин Нақшбанд туўылған күнниң 700 жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы бийлигин орынлаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Шавкат Мирзиёевқа усы сәнелер мүнәсибети менен әмелге асырылатуғын руўхый-ағартыўшылық, илимий-әмелий илажларды шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажларды жоқары дәрежеде өткериў, бул ушын барлық дәреклерди пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Баҳауддин Нақшбанд, Абдухолиқ Ғиждувоний, Ориф Ревгарий, Али Ромитаний, Бобойи Самосий, Маҳмуд Фағнавий, Саййид Амир Кулол сыяқлы архитектуралық комплекслерди өз ишине алған жети пир зыярат етиў орынлары тек жерлеслеримиз емес, ал пүткил дүнья мусылманлары ушын теберик мәканлар есапланады.

Президентимизге бул комплекслерди реконструкциялаў ҳәм жаңа туристлик жөнелислерди ашыў бойынша исленетуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Оған муўапық, бул комплекслер қайта оңланып, қосымша имаратлар қурылады. Әтирапы абаданластырылып, мийманхана, чайхана, саўда комплекслери, автомобильлер туратуғын орынлар шөлкемлестириледи.

Бул комплекслер арасындағы улыўма аралық 122 километр. Шавкат Мирзиёев комплекслер арасындағы жоллардың бойында заманагөй инфраструктура шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берди. Бухара мәмлекетлик университети жанында Бухара тарийхын оқытатуғын арнаўлы факультет ашыў кереклигин атап өтти.

– Жети пир жатырған зыярат етиў орынлары арасындағы жоллар бойында олар ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлеленсин. Зыяратқа келгенлер кең мағлыўматларға ийе болсын. Бул ушын кадрлар таярлаўға итибар бериў керек, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы сапары даўамында Бухара ўәлаятындағы «Бухара балық санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды.

Елимизде халықтың балық өнимлерине талабын тәмийинлеў, тармақта экономикалық реформаларды тереңлестириў, усы тараўда жумыс ислеп атырған хожалықлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы жылларда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, атап айтқанда, сапалы балық өнимлерин жетистириў көлемин арттырыў бойынша бир қанша бағдарламалық илажлар ислеп шығылды. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2017-жыл 1-майдағы «Балықшылық тармағын басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы шөлкемлестирилди. Ассоциация тәрепинен тәбийғый ҳәм жасалма суў бассейнлерин балықландырыў ушын қымбат баҳалы балық түрлерин көбейтиўди жолға қойыўда балықшылық тармағы шөлкемлерине көмеклесиў, личинка жетистириў бойынша жаңа инкубация цехларын шөлкемлестириў, балық шабағын жетистириў көлемин арттырыў, шабақ бассейнлерин модернизациялаў ҳәм кеңейтиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

«Бухара балық санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де  бул бағдарда ибратлы жумыслар исленбекте. Бул жерде балықты қайта ислеў, дузлаў, балық жемин ислеп шығарыў, инкубация цехы ҳәм жабық суў айланысы системасы иске түсирилген.

Улыўма майданы 90 гектар болған хожалықта 40 гектарлық суў бассейни болып жаңа жойбарға бола, қалған 50 гектары реконструкцияланады.

Президентимиз балықшылық хожалығында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

– Балық жетистириў көлемин арттырыўымыз керек, -деди Шавкат Мирзиёев. – Ҳәзирги ўақытта халықтың балық ҳәм балық өнимлерине болған талабын қанаанландыралмай атырмыз. Бул сыяқлы хожалықларды Бухараның ҳәр бир районында шөлкемлестириў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятына сапары даўамында бир қатар экономикалық жойбарлар менен де танысты.

Мағлыўматларға қарағанда, бурынғы «Бухоротекс» акционерлик жәмийети тийкарында пахта талшығынан компакт ийирилген жип ислеп шығарыў бойынша «Indorama Bukhara Textile» жеке кәрханасын шөлкемлестириў жойбары еки басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта 60 миллион, екинши басқышта 55 миллион доллар муғдарындағы инвестиция киргизилетуғын кәрхана заманагөй технологиялар менен үскенеленеди. Бул 650 адамның бәнтлигин тәмйинлеў имканиятын береди.

Президентимизге Бухара ўәлаятында бар жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў ҳаққында да мағлыўмат берилди. Бул мағлыўмат өз-өзинен ўәлаятта қаракөлшиликти раўажландырыў жойбарына жалғанды. Ўәлаятта бурыннан қаракөлшилик раўажланған. Бирақ соңғы жыллары тараўға жетерли итибар қаратылмағаны себепли қаракөл тери ислеп шығарыў кескин төменледи. Тараўдағы машқалалар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилип, илимий көзқарастың жоқлығы себепли қойлардың нәсили бузылғаны атап өтилди. Буннан тысқары, жайлаўлардың қысқарыўы, суўғарыў системаларындағы кемшиликлер, керекли техника қуралларының жоқлығы тийкарғы дәреклер сыпатында санап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы машқалалардың шешими менен қызықсынды. Қәнигелер қаракөлшиликти раўажландырыў бойынша өз усынысларын айтты.

Шавкат Мирзиёев бүгинги күнде жумыс алып барып атырған хожалықлар, илимпазлар, селекционерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша тараў басшыларына тийисли көрсетпелер берди.

Усы жерде «Komteks pposh» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қой жүнин санаат усылында қайта ислеў кластерин таныстырыў болып өтти. Жойбар баҳасы 24 миллиард сум болып, жылына 1500 тонна тазаланған жүн, 425 тонна ийирилген жип, 100 мың дана одеял ислеп шығарыўды нәзерде тутады.

Сондай-ақ, 2018-жылы ўәлаятта әмелге асырылатуғын қусшылық жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар усынылды. Бул бағдарда 32 жойбар әмелге асырылып, 252 жумыс орны жаратылады.

Жойбарлар тийкарынан аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылған болып, перспективалы мақсетлерди өзинде жәмлегени менен әҳмийетли. Пилле жетистириў, пал ҳәррешилик, ҳасыл туқымлы ешки бағыўға қәнигелескен ешкишилик комплекси, заманагөй ыссыханалар, агросанаат логистикасы ҳәм саўда логистикасы орайларын шөлкемлестириў жойбарлары тийкарғы итибарда болды.

Жойбар шөлкемлестириўшилери өз режелери ҳаққында кең түрде айтып берди. Өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысы оларды қыйнап атырған машқалалар менен қызықсынды.

Ғиждувон районында тут жапырағынан чай таярлаў жойбары Президентимиздиң итибарын тартты. Бундай чайдың абзаллықлары онда кофеин ҳәм танин элементлериниң жоқ екенлигинде.

– Бул ең нәтийжели өндирислик жойбар болады, – деди Шавкат Мирзиёев. – Оның бийбаҳалылығы ҳәм инсанның денсаўлығы ушын пайдалылығы тийкарғы себеби болып табылады.

Жойбар бойынша жумыслар баслап жиберилген. Өним 2019-жылдан экспортқа шығарылыўы мөлшерленбекте.

Цистанхе ҳәм әдираспан жетистириўге айрықша итибар берилгени ўәлаятта өзине тән жаңалық болды. Цистанхениң тамыры шыпалы есапланып, қәўипли өспе кеселликлериниң алдын алады. Аязлаўға қарсы иммунитетти арттыратуғын өзгешеликке ийе. Япониялы илимпазлардың атап көрсетиўинше, бул өсимлик женьшеннен бес есе пайдалы болып табылады. Ҳәзирги ўақытта Қазақстан Орайлық Азияда бул өсимликти экспорт ететуғын бирден-бир мәмлекет болып, жылына 100-150 тоннаға шекем сырт елге сатады. Жаңа жойбарда бул өсимликти жетистириў ҳәм қайта ислеў нәзерде тутылған. 3 мың гектар жерде усындай өсимликти жетистириў 400 адамның бәнтлигин тәмийинлейди.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысына 2018-2020-жылларда ўәлаятта ирригация-мелиорация илажларын әмелге асырыў бағдарламасы, Бухара қаласында реконструкцияланып атырған каналлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиздиң 2017-жыл 1-июньдеги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын Бухара ўәлаятында орынлаў илажлары ҳаққында да сөз етилди. Соның ишинде, халыққа сапалы гөш жеткерип бериў, шарўашылықта қолланылатуғын вакцина ҳәм анибиотиклер, ҳайўанларды сатыў ҳәм сатып алыў ҳәм өз-ара алмастырыўда саламат ҳәм исенимли орталық жаратыў мәселелери ҳаққында пикир алысылды.

Шавкат Мирзиёев жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

Елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасын жетилистириўге, балаларды мектепке сапалы таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Шавкат Мирзиёев аймақларға сапары даўамында усындай мәкемелерде болып, машқалаларды өз ўақтында шешиў бойынша тийисли тапсырмалар береди.

Президентимиздиң 2016-жыл 29-декабрьдеги «2017-2021-жылларда мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде елимизде усындай мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаңа бақшалар қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен болса, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди. Жаңа министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары басқышпа-басқыш барлық балаларды мектепке шекемги билимлендириў системасына қамтып алыў, елимизде өз-ара бәсекилесетуғын, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес МБМлар системасын жаратыў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм балалар тәрбиялаўдың альтернатив түрлери әмелиятқа енгизиўден ибарат.

Усы ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша Бухара ўәлаятында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде ўәлаятта 343 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси болып, олардың 7 еўи мәмлекетлик емес, 1 еўи ишки ислер басқармасы қарамағында. Оларда 46 мыңнан аслам, яғный ўәлаяттағы балалардың 35,1 проценти тәлим-тәрбия алмақта.

Бухара қаласындағы 54-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 280 орынға мөлшерленген. Бақша имараты өткен жылы капитал реконструкцияланып, заманагөй мебельлер менен үскенеленди. Бул жерде 31 педагог ҳәм тәрбияшы жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы бақшада балаларға жаратылған шараятлар менен танысты, хызметкерлер менен сәўбетлести.

Президентимизге бақшада тәжирийбе түринде шөлкемлестирилген қысқа мүддетли баслаўыш раўажландырыў орайының жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Жаңа системаның абзаллығы қысқа мүддетли топарларда балаларға логика, ментал арифметика, инглис тили, әмелий ҳәм сүўретлеў өнери түрлери интерактив усылларда үйретиледи. Орай аймақтағы бақшаға қамтып алынбаған балаларды мектепке таярлаўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

– Мектепке шекемги билимлендириўге бийкарға буншелли итибар берип атырғанымыз жоқ, – деди Шавкат Мирзиёев. – Балалар әйне бақша жасында билимди тез ҳәм аңсат өзлестиреди, бир өмирге еслеп қалады. Сол себепли бул системаның раўажланыўына байланыслы мәселелер бәрқулла дыққатымыз орайында болыўы керек.

Президентимиз бул мәкемени ўәлаяттағы бақшалар ушын методикалық тәжирийбе алмасыў орайына айландырыў, тараўды жетик қәнигелер менен тәмийинлеў, атап айтқанда,  педагогика колледжин питкерген жасларды қайта таярлаў курсларына жиберип, оларды МБМларға жумысқа орналастырыў бойынша тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев Бухара қаласының тарийхый бөлиминде ўәлаятта туризм тараўын және де раўажландырыў концепциясы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Бухара өзиниң тәкирарланбас тарийхый ҳәм әййемги естеликлери, әсирлер бойлап даўам етип киятырған миллий өнерментшилик дәстүрлери менен елимиздиң туристлик тартымлылығын арттырыўда үлкен перспективаға ийе.

ўәлаятта 2018-жылы туризмди буннан былай да раўажландырыў концепциясына муўапық, 61 жойбарды турмысқа енгизиў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, 32 мийманхана, 12 мотел, 10 дем алыў бағы қурылып, «Бухара Палас», «Варахша» ҳәм «Зарафшан» мийманханалары реконструкцияланады. Сондай-ақ, туризм бойынша халықаралық ҳәм миллий шөлкемлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў, ресторанлар қурыў, туристлерге хызмет көрсететуғын транспорт қуралларын сатып алыў, мәдений мийрас объектлерин исбилерменлерге ижараға бериў, ҳаўа шарында саяхат шөлкемлестириў, Ғиждувон, Шафиркан, Вобкент ҳәм Жондор районларында аўыллық туризмди жолға қойыў режелестирилген.

Бул жойбарлардың орынланыўы нәтийжесинде ўәлаятқа келип атырған сырт елли ҳәм жергиликли туристлер ағымын сезилерли дәрежеде көбейтиўге ерисиў мүмкин. Тармақта хызметлер экспортының көлеми артып, көплеген жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў имканияты пайда болады.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа өткен жылғы сапары даўамында Бухара қаласының туристлик инфраструктурасын және де раўажландырыў мақсетинде оның тарийхый бөлиминде өнерментлер массивин қурыў, Ҳақыйқат ҳәм Хожа Нурабат көшелерин кеңейтип дем алыў орынларына айландырыў, Пойи Калон ҳәм Мир Араб медреселерин қайта реконструкциялаў бойынша тапсырмалар берген еди.

Усыған муўапық, Ҳақыйқат көшеси кеңейтилип, 1,5 метр қалыңлықтағы топырақ қатламы алып тасланды, тарийхый естеликлердиң әтирапы ашылды. Көше бойлап биринши қабатында дүкан ҳәм устаханалар болған, екинши қабатында өнерментлердиң шаңарақлары жасайтуғын жайларды қурыўға кирисилди. Нәтийжеде көше қаланың тарийхый бөлимине сәйкес сейил етиў орнына айланбақта. Ўәлаятқа келип атырған туристлер усы жерге де келип, өнермент усталардың жумыслары менен таныспақта, жипек гилемлер, тоқымалар, зер шапанлар, ҳәр қыйлы кийим-кеншек, үй-руўзыгершилик буйымлары, сувенирлерди сатып алып, Бухараның әййемги даңқын дүньяға және де кеңнен жайыўға мүнәсип үлес қоспақта.

Быйылғы жылы Пойи Калон комплексиндеги тарийхый естеликлерди реконструкциялаў бойынша жойбарлар ислеп шығылды. Хожа Нурабат көшесинде жайласқан Абдулазизхон ҳәм Улығбек медреселеринде реконструкциялаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары әмелге асырылады. Арк қорғаны комплексиниң әтирапы абаданластырылып, оның ишиндеги имаратлар реконструкцияланады. Мир Араб медресесин қайта тиклеў ҳәм оның жаңа оқыў имаратын қурыў жумыслары жүргизиледи. Усы көшениң өзинде өнерментлердиң жаймалары қурылады.

Шавкат Мирзиёев гөне қала бөлиминиң туризм инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары менен таныса отырып, бул аймақ ҳақыйқый мәниде Бухараның жүреги болыўы кереклигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысына қаланың тарийхый бөлиминдеги мәдений мийрас объектлерин реконструкциялаў ҳәм қайта тиклеў, олардан нәтийжели пайдаланыў, тарийхый естеликлерди қамтып алған Бухара қаласының киши айланба жол ҳәм пиядалар өтиў жолларын қурыў, инженерлик-коммуникация тармақларын реконструкциялаў, Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки тәрепинен елимизде заманагөй кинотеатрлар тармағын қурыў жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиз ҳәр бир жойбар бойынша өз усынысларын берди. Мир Араб медресеси имаратларын, туристлерге хызмет көрсететуғын автомашиналарды, инфраструктура объектлерин көзден өткерди.

Усы күни Пешку районы ҳәкимлигинде ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти. Онда Бухара ўәлаятын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў дәрежесин және де арттырыў, тынышлық ҳәм парахатшылықты беккемлеў, жаслар тәрбиясы ҳәм оларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине айрықша дыққат қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысының Бухара ўәлаятына сапары даўамында көрип шығылған перспективалы жойбарлар, өткерилген ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылында жаңа шеклерге қарай исенимли қәдемлер тасланып, халықтың абаданлығын арттырыўда әҳмийетли табыслар қолға киргизилип атырғанын және бир мәрте тастыйықлады.

Президентимиздиң Бухара ўәлаятына сапары даўам етпекте.

ӨзА