Қубла Корея өзбекстанлы мийнет мигрантларын қабыл етиў ушын квоталар санын көбейтиўи мүмкин. Бул бойынша сөйлесиўлер ҳәзирде Кореяда сапарда болып турған Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң делегациялары тәрепинен өткерилмекте, деп хабар бермекте Сыртқы миграция мәселелери агентлигиниң сайты.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлер арасындағы қатнасықларда нызамсыз миграция машқаласы орын алмақта. Айрым экспертлердиң пикиринше, Кореяда Өзбекстаннан келген бир неше он мыңлаған мийнет мигрантлары нызамсыз түрде жумыс ислеп атырған болыўы мүмкин.

Соның менен бирге, 2007-жылдан 2016-жылға шекем 27 мың өзбекстанлы Қубла Кореяда нызамлы түрде жумыс ислеў ҳуқықын қолға киргизген.

Бул жағдайды тәртипке салыў ушын мигрантларды қабыл етиў квотасын көбейтиў, сондай-ақ, Корея экономикасының басқа тараўларына да тартыў режелестирилмекте.

Жақын күнлерде Қубла Кореяның Кванжу қаласында ашылыўы нәзерде тутылған Өзбекстан сыртқы мийнет миграциясы мәселелери бойынша агентлиги усы процесте жәрдем бериўи күтилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы тәжирийбели кадрларды таярлаў тараўында өз ара бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелерин додаламақта.

Буның ушын Өзбекстанда Қубла Кореяға оқыў ҳәм мийнет етиў ушын кетиўге тайын болған пуқараларды таярлайтуғын оқыў орайларын ашыў режелестирилмекте.

 

ҚХА