Усы жылдың 1-март сәнесинен баслап баслаўыш классларға ҳәптелик оқыў даўамлылығы бес күн болған оқыў процеси енгизилиўи режелестирилген. Баслаўыш классларда оқыў-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бир қатар шөлкемлердиң усынысына бола енгизилиўи нәзерде тутылып атырған бул өзгерис 1-класслар ушын усы жылдың 1-мартынан, ал 4-5-класс оқыўшылары ушын жаңа оқыў жылынан басланатуғыны белгиленген. Ал, мектеплердеги 1-класс оқыўшылары болса ҳәзирги ўақытта бир ҳәптелик демалыста.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, билимлендириў тараўындағы бул сыяқлы өзгерислер еле үйренилиў басқышында. Бунда әмелдеги мәмлекетлик билимлендириў стандартларының, оқыў режелери менен оқыў бағдарламаларының толық орынланыўын тәмийинлеў белгиленген болып, баслаўыш классларда педагоглардың кәсиплик шеберлигин арттырыў арқалы билимлендириўдиң сапасын жақсылаў нәзерде тутылған. Ҳәптениң шемби күни оқыўшылардың қызығыўшылығы есапқа алынып, пән дөгереклерине, спорт секцияларына қатнасыўы мүмкин. Соның менен бирге, ата-аналардың перзентлери менен шаңарақлық демалыўға, тарийхый ҳәм мәдений орынларға саяхатлар уйымластырыўға да айрықша итибар қаратылыўы белгиленген.

Әйне пайытта, пүткил республикада биринши класс оқыўшылары ушын февраль айында бир ҳәптелик қосымша демалыс белгиленген болып, ҳәзирги күнде олар дем алыста.

Раўажланған еллерде усы система енгизилген болыр, бунда тийкарғы итибар сабақларды ықшамластырып, қосымша дөгереклерди көбейтиўге қаратылған. Ата-ана менен перзент көбирек бирге болады. Қосымша дөгереклер менен бирге театрларға, музейлерге ҳәм басқа да орынларға алып барыға мүмкиншилик жаратылады.

– Егер бул система енгизилсе, билимлендириў сапасы жақсыланады, – деп исеним билдиреди Нөкис қалалық 32-санлы орта мектептиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордың орынбасары Гулнара Тәженова. – Ҳәзир барлық имканиятлар, қолайлықлар, шараятлар есапқа алынып исленбекте бундай өзгерислер. Ата-ана менен перзент арасында қатнас жақсыланады, перзент пенен ислесиў беккемленеди. Мийрим-шәпәәт, бир-биреўди түсинисиў жақсыланады. Бир екшемби күни бала менен ислесиў қыйын себеби, барлық үй-руўзыгершилик жумыслары, қала-дала, той-мереке, шақырық ҳәм тағы басқалар буған мүмкиншилик бермейди, ата-ананың перзентине итибар беретуғын ўақыттың өзи жоқ. Ата-ананың көмеги, мийрими бесинши классқа дейинги балаларға оғада зәрүр. Перзентлеримизди ҳәр қыйлы дөгереклерге, мәдений орынларға, театр, музейлерге алып барыў, көрген-билгенлери менен ортақласыў, пикирлесиўдиң әҳмийети айрықша.

Мөлдир ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы