Шымбай районында быйылғы жыл инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде 95 гектар майданға ашшыбурыш, 2935 гектар майданға боян тамыр егиў режелестирилген. Ашшы бурыш 190, ал боян тамыр 293 фермер хожалықларына егиў бөлистирилген.

Район ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Абдуллаевтың мәлим етиўинше, 2018-2019-жылларда районға 10 млн. 500 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция алып кириў режелестирилген болып,  усылардың нәтийжесинде  600ге жақын жумыс орынлары жаратылыўы күтилмекте.

Халыққа хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ушын 1 млн. 500 мың, аўыл хожалық тараўын раўажландырыў ушын 4 млн 875 мың, шарўашылықты раўажландырыў ушын  1 млн 522 мың, балықшылықты раўажландырыў ушын 763 мың  ҳәм басқа тараўлар ушын  2  млн 590  мың АҚШ доллары муғдарында инвестициясы киргизилиўи нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги