16-18-февраль күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң Фужайра қаласында таэквондо бойынша өткерилген «FUJAIRAH OPEN-2018»  алтыншы халықаралық турниринде жерлесимиз Шийрин Алланазарова таэквондо WTF бойынша 68 килограмм салмақ категориясында биринши орынды ийеледи.

Бул ҳаққында жеңимпаздың өзи агентликке Фужайра қаласынан хабар бермекте.

Турнирге дүньяның 16 мәмлекетинен спортшылар қатнасқан.

Шийрин бүгинги күнде Нөкис районлық 12-санлы орта арнаўлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы.

Спортшыны турнирге тренери Нызаматдин Дәлибаев таярлаған.

 

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы